ЖАҢА ИМАРАТ ТАПСЫРЫЛДЫ
Районымыз орайына кирер жолда жаңа заманагөй сулыў имаратлар бой тиклеп атыр. Узақ жыллар даўамында бир орында гә жөнлеў исленип, гә қайта қурылып келген райондағы 12-санлы қәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшеси әтирапында жаңа қурылыслардың бой тиклеўи менен қыспақ жерде қалып кеткен еди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылы 23-майдағы 2992-санлы қарары тийкарында кең ашық майданға бөлимшениң жаңа имаратының қурылысы басланды. Өрт өшириўшилер ушын барлық қолайлықларға ийе жаңа имаратты райондағы көпшилик сапалы қурылыслардың бой тиклеўинде мийнети бар «Реверстрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шебер қурылысшылары жақын күнлерде қурып питкерип, пайдаланыўға тапсырды.
Қурылыс имаратының ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет Баслығы Д. Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министри А.Темирханов, район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм басқалар қатнасты. Қурылыс имараты пайдаланыўға берилиўи пайытында 2 дана жаңа өрт өшириў машиналары, 1 дана скутер мотоциклиниң гилтлери тапсырылды.
-Имарат жүдә қолайлы шәраятлары менен тапсырылып атыр,-деди биз бенен сәўбетте болған бөлимше баслығы Батыр Өтебаев. Жеке қурамның хызмет өтеўи ушын ҳәр қыйлы әсбап-үскенелер, ислеўшилердиң дем алыс ханалары, арнаўлы жаңа кийимлер, спорт пенен шуғылланыў бөлмеси, ҳәттеки имаратымыз әтирапында гүллер, тағы басқа егинлер ушын қолайлы орынлар қалдырған. Бундай қолайлықлар бизиң хызметкерлеримиз ушын нешше жыллардан берги арзыў-әрманлар еди. Тараў хызметкерлери ушын мәмлекетимиздиң бундай итибарынан жүдә миннетдармыз. өолы гүл қурылысшыларға мың алғыс деймиз.
Бөлимшениң тарийхына көз таслайтуғын болсақ, 1978-жылы тийкар салынып, имараты ушын райондағы пахтаны қайта ислеў заводының гөне жатақханасы ажыратылған. Дәслеп 1 дана өрт өшириў машинасы менен жумыс баслаған. 1983-жылы бөлимшеге автомобиль гаражы ҳәм кеңсе ушын жаңа имарат қурып берилди. әлбетте, бул шараятлар жеке қурамның хызмет етиўи ҳәм өрт өшириўи ушын жетерли емес еди.
Биз жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыў салтанаты пайытында бөлимшеде мийнет етип, ҳүрметли дем алыста отырған нураныйлардың жүзлеринде кәсиплеслерине бүгинги күнде көрсетилип атырған ғамхорлыққа деген сүйиспеншиликти, көзлеринде қуўанышты көрдик. Бундай мүмкиншиликлер ҳәр бир тараўға да несип етиўин жүдә-жүдә қәлер едик.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА