ЖАСЛАРДЫ ҚӘЎИПЛИ ИЛЛЕТЛЕРДЕН ҚОРFАЙЫҚ!
Ҳәр дайым жасларымыздың келешегине қәўип салып келиўши терроризм ҳәм диний экстремизм сыяқлы қәўипли иллетлер менен гүресиў ҳеш қашан тоқтамаўы тийис. Оған қарсы тынымсыз гүресиў арқалы биз жасларды оның торынан қутқарып қала аламыз.
Усы мақсетте районлық қорғаныў ислери бөлими жеке қурамы тәрепинен колледж ҳәм мектеп оқыўшылары менен «Жаслар арасында диний экстремизм ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў» атамасында жыйналыс болып өтти.
Жыйналысты районлық қорғаныў ислери бөлими баслығы ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Е.Кеўлимжаев кирис сөзи менен ашып, күн тәртибине қойылған мәселелер менен таныстырды.
Буннан соң сөзге шыққан районлық ишки ислер бөлиминиң терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў топары аға оператив ўәкили, капитан Ж.Қуламетов, районлық руўхый-ағартыўшылық бөлими баслығы Н.Азбергеновлар ҳәзирги ўақытта жаслар арасында диний экстремизм ҳәм жынаятшылық ҳалатлары анықланып атырғанлығы, бул иллетке қарсы гүрести мектепте муғаллимлер менен ата-аналар биргеликте алып барыўы тийис екенлигин атап өтти.
Жыйналыс даўамында оқыўшы жасларға «Бөлмедеги қараңғылық» ҳәм «Сирияға кетип ўатангедайы болғанлар» атлы ҳүжжетли фильмлер қойып берилди.
Жыйналыс соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли жуўаплар алды.
Ҳүрлиман АСЕНОВА