Ma'daniyat КӘСИБИНЕН ҚӘДИР ТАПҚАН ИНСАНЛАР

КӘСИБИНЕН ҚӘДИР ТАПҚАН ИНСАНЛАР

0
КӘСИБИНЕН ҚӘДИР  ТАПҚАН ИНСАНЛАР

Бәримиз де мектепте устаз қолында билим, тәрбия алдық. Муғаллим мың-мыңлаған қәлблерге ағла пазыйлетлерди сиңдирип, өмир мектебинен сабақ бериўши ең уллы инсан. «Оқытыў-еки барабар оқыў демекдур», муғаллим қанша жыл бала оқытып, мийнет ислесе сонша жыл оқыўдан көз үзбейди. Себеби балаға билим бериўдеги мақсет-келешекте муғаллимниң көмегисиз өнип-өсиўине ылайықлы етип тәрбиялаўдан ибарат. Устаздың өмири-мәңгилик, себеби оның өмири шәкиртлердиң өмири менен жалғасады. Усындай уллы  инсанларды көклерге көтерип, қәдирлеўимиз дәркар.

Биз қайсы тараўда ислемейик, бәри бир устазларға мүтәжбиз.

Мектепке жаңа қәдем атқан ўақытта өзге дүньяның есигин ашқандай, көзлеримиз жәўтеңлеп турғанда: «Кел, кел, балам, қызым» деп, баўырына тартатуғын биринши инсан-устазларымыз. Биз олар арқалы өмирди таныймыз, Ўатанды таныймыз, олардың инсан ушын қаншелли дәрежеде қәдирли екенлигин аңлап жетемиз.

1-октябрь-«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни». Бул күни ҳәмме өзлери ушын қәдирдан болған устазларын излейди. Оларды қутлықлаў ушын асығады. Байрам күни барлық орынларда устазларымыз өзлериниң кәсиплик байрамларын үлкен көтериңкилик жағдайда белгилеп өтти.

Солар қатарында районымыздың гүллән муғаллим ҳәм устазлары, нураныйлар да бул қутлы сәнени «Айдана» тойханасында белгиледи. Байрам салтанатында сөзге шыққан район басшылары бул уллы кәсип ийелерин байрам менен қызғын қутлықлады. Буннан соң тәлим-тәрбияда, жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған мектеп муғаллимлерине, мектепке шекемги билимлендириў мекемеси хызметкерлерине «Ҳүрмет жарлық»лар, естелик саўғалар тапсырылды. Мектеплердиң бир қатар муғаллимлерине Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы көкирек нышаны салтанатлы жағдайда тапсырылды. Еслетип өтемиз, бул сыйлық райондағы билимлендириў мекемелеринен 5 муғаллимге несип етти.

Байрам салтанаты даўамында районлық мәденият бөлими жанындағы халықтың мәдений дем алыў орайы жәмәәтиниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Байрам себеп, нураный устазлар дәстурхан әтирапында бири-бири менен дийдарласып, бир кесе чай үстинде әңгимелесип, кеўиллери бираз толып-тасты.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА