Siyosat ЖАҚСЫЛЫҚ ЖОЛЫНДА ЕТИЛГЕН ИБАДАТ

ЖАҚСЫЛЫҚ ЖОЛЫНДА ЕТИЛГЕН ИБАДАТ

0
ЖАҚСЫЛЫҚ ЖОЛЫНДА ЕТИЛГЕН ИБАДАТ

Ҳаж-мусылманшылықтағы бес парыздың бири болып,  динимиздиң  тийкарғы әмеллеринен есапланады. Каабада ибадат етиў арқалы орынланатуғын бул сапарға елимиз ғәрезсизлигин қолға киргизгеннен соң көплеген жерлеслеримиз сапар етиўге, парызларын өтеў бахтына миясар болды. Ҳаж сапарының ўақты шаўўал, Зулқаъда айлары ҳәм Зулҳижжа айының басындағы он күнге туўра келеди.

Баспа сөз  мағлыўматлары арқалы бизге мәлим болғанындай, быйылғы ҳаж мәўсиминде дүньяның 165 миллет ағзаларынан  1.756.039 мөмин-мусылман ҳаж ибадатын орынлаўға ериссе, соның ишинде республикамыздан 153 пуқара усы жылдың 6-август сәнесинде мүбәрек ҳаж зыяратына жол алды.       

Қарақалпақстан Республикасынан сапарға кеткен пуқараларымызға өарақалпақстан  мусылманлары қазыятына қараслы  Мухаммед Мурат ийшан мешити имам-катиби F.Нажимов ҳәм Жамбасқала мешити имам-катиби Д.Қлычевлар басшылық етти.

Мойнындағы парызларының бирин ада еткенинен кеўиллери қуўанышқа толы жерлеслеримиз 9-сентябрь күни елимизге қайтып келди. Ҳәр бир зыяратшы дәслеп Нөкис аэропортында, соң өз шаңарақларында салтанат пенен күтип алынды.

Ҳажға барыўшылар ушын қойылатуғын өз талаплары бар: қәлеўшилердиң алдын ҳаж зыяратына бармағанлығы, материаллық ҳәм физикалық жақтан таярлығы, мәҳәллесинде абыройы, жәмийетке тийгизип атырған пайдасы, қуран аятларынан ядқа билиўи сыяқлы сораўларға унамлы жуўаплар алған пуқаралар таңлап алынған. Бизиң аўылласымыз Дәрибай Палўанов районнан бир өзи ҳаж зыяратын өтеп қайтты.

-Дәслеп Мадина шәҳәринде 3 күн болып, Мухаммед Пайғамбарымыздың қәбирин, соң Абубәкирсыдық, Омар халифалардың қәбирлерин зыяратладық. Муқаддес орын болған Меккеге  сапарымызды даўам еттик.Ол жерде 2 күн болып умра ҳажын орынлап, жети мәртебе Кабатулланы айланып, Алла тааладан елимизге тынышлық, халқымызға абаданшылық, дәрья, теңизимизге суўдан молшылық, шаңарағымызға аманшылық, перзентлеримизге саламатлық, айдын келешек тиледик.

Зулҳижжа айының ҳаж шәртлериниң бири болған Аллаға ибадат етилетуғын қәсийетли Арафат таўында турып дуўа еттик. Рәўиятларда айтылыўынша, адамзаттың атасы  Адам алайҳиссалам менен Ҳаўа ене  жәннеттен қуўылып жер бетине түскенде, екеўи бири-бирин таба алмай көп ўақыт жүреди. Ақырында бири-бирин усы жерде тапқанлығы айтылады. Сонлықтан бул таў Арафат таўы, бул күн болса Арафа күни деп аталып кеткен. Бул қурбан ҳайтынан алдыңғы күн. «Арафа» сөзи танысыў, билиў деген мәнилерди аңлатады екен.

Елимиздиң ғәрезсизлик байрамы биз ҳаж зыяратында жүрген пайытларымызға туўра келди. Байрамда  өз бөлмелес жолдасларымыз бенен бири-биримизди ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллығы менен қутлықладық. Fәрезсизлик шарапаты менен бул жерлерге табанымыз жетип атырғанын және бир мәртебе еследик. Зыяратымыз арқалы көплеген мағлыўматларға ийе болдық. Ата-бабаларымыз әрман еткен муқаддес топырақты басып қайтқанымыздан бахтияр екенимизди жасыра алмаймыз. Елбасшымызға бул саўаплы ислери ушын мың алғыс деймиз. әлбетте, ҳаж зыяраты бизлерден кейинги әўладымыздың тәрбиясында дүзеў жолға баслаў, оларға ақыл-кеңес бериў, ысырапшылыққа жол қойдырмаў, жасларды саўаплы ислерге баслаўдай үлкен жуўапкершиликти талап етеди. Биз бундай тәрбия бериўде өз жәрдемимизди аямаймыз,-дейди Дәрибай ҳажы Палўанов.

Дәрибай ағаның зыяраты қабыл болып, халқымыздың тыныш өмири, елимиздиң раўажланыўы жолындағы тилеклери орынлана берсин ҳәм ҳажылық зыяраты ҳәр бир мусылманға несийп етсин, деймиз.

 

      Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА