Siyosat ПӘРАЎАН ТУРМЫСЫМЫЗ УШЫН

ПӘРАЎАН ТУРМЫСЫМЫЗ УШЫН

0
ПӘРАЎАН ТУРМЫСЫМЫЗ УШЫН

Халқымыздың пәраўан турмысы, елимиздиң абаданшылығы, басқа раўажланған еллер қатарына қосыў, көпшилик еле де әрман еткен мүмкиншиликлерди жаратыў мақсетинде ел басшымыз бар күш жигерин жумсап атыр. Әсиресе, қоңсы еллер менен дослық аўқамда болыў, сырт ел инвестицияларын елимизге енгизиў, ўатаннан сыртта мийнет етип   атырған саўатлы, жан күйер мийнеткеш ўатанласларымызды қайтарыў, олардан ҳәм сырт ел ис тәжирийбелеринен үйрениў усаған елимизге пайда келтиретуғын идеяларды жәмлеп атыр. Өз гезегинде Өзбекстан деп аталған улыўма үйимиз, соның ишинде өзимиз жасап атырған Ана топырақ Қарақалпақстанда белгили дәрежеде өзгерислер, жаңаланыўлар болып атырғанын бәримиз жақсы сезип отырмыз. Былтыр елден кетип, быйыл Қарақалпаққа келген мийманлар күннен күнге гөззал түске енип атырған Нөкисимизди танымай қалатуғыны турған гәп. Бул өзгерислер ўақыт өткен сайын районларға да белгили дәрежеде өзиниң пайдалы тәсирин тийгизип атыр. Буны өзимиз жасап ҳәм мийнет етип атырған Тахтакөпир районы мысалынан да көриўимизге болады.

Президентимиз Ш.Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти сыпатында биринши сапарын қарақалпақ жеринен баслаўы да үлкен әҳмийетке ийе. Ш.Мирзиёев 2016-жыл 10-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасының Шоманай районында  болып өткен сайлаўалды ушырасыўында бизиң регионымызда жасап     атырған халқымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген кең көлемли жумысларға тоқтап, соның ишинде: «Буннан соң ҳәр бир районға ҳәм қалаға, керек болса, ең шетки аўыллар менен елатлы пунктлерге шекем кирип барамыз. Ол жерде жасап атырған адамлардың дәртин тыңлаймыз, машқалаларын шешиўге қаратылған бағдарламалар ислеп шығамыз ҳәм оның орынланыўын қатаң түрде қадағалаўға аламыз», деген еди.

Президентимиз ўәде еткениндей, бүгинги күнде елимиздиң ҳәр бир аймағы, алыс елатлы пунктлерде жасаўшы халықтың жасаў турмыс шараяты үйренилип, ҳәр тәреплеме жәрдемлер берилип атыр. Бизиң аймағымыздың қыйын шараяты, Арал теңизи менен байланыслы регионда жүзеге келген экологиялық апатшылық, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, сапалы медициналық жәрдем көрсетиў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, шаңарақ ҳәм мәҳәлле институтларына итибар қаратыў, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны менен абыройын арттырыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер бойынша кешиктирип болмайтуғын әмелий жумысларды талап етпекте.   

5-сентябрь күни райондағы халықтың мәдений дем алыс орайының үлкен залында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы,  барлық министрликлер ўәкиллери қурамы қатнасыўында район ҳәкимлиги,  мекеме, шөлкем басшыларының жыйналысы болып өтти. Жыйналыста район халқының социаллық турмыс  жағдайы үйренип шығылыўы,  сапластырылыўы керек болған кемшиликлер, қайта қурылыўын, оңлаўдан өткерилиўи талап етип турған  объектлерди анықлаў, машқалалардың шешимине жуўап излеў сыяқлы арнаўлы тапсырмалар берилди. Ҳәр бир тийисли жуўапкер басшылардың қолларына өз тараўлары бойынша жол карталары усынылды.

7-сентябрь күни усы орында берилген тапсырмалар бойынша үйрениў жуўмақлары қаралды. Халық тәрепинен усынылған мүрәжатлар, сондай-ақ, район орайын абаданластырыў,  жолларды оңлаў, асфальт төсеў жумысларын даўам еттириў, район орайындағы «Қуўаныш жарма» каналын тазалаў, қайта қазыў, көпирлерди жөнлеў т.б халықтың социаллық мүтәжликлерин қанаатландырыў усыныслары үйрениў даўамында анықланды. Анықланған, орынланыўы керек талаплар есапқа алынатуғыны, қаржылар ажыратыў талап етилетуғыны атап өтилди.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА