Ma'daniyat БАЙРАМЛАР ҚОС КЕЛГЕНДЕ...

БАЙРАМЛАР ҚОС КЕЛГЕНДЕ...

0
БАЙРАМЛАР  ҚОС  КЕЛГЕНДЕ...

Жаз мәўсиминиң жуўмақланыўы, гүздиң басланыўы-байрамлар, шадлы қуўанышлар мапазы болып атыр. Халқымыз Қурбан ҳайыт байрамын байрамлап атырған бир пайытта, айырым аўылласларымыз Ҳаж сапарын жуўмақлап қайтады. Өзбекстан Республикасы Уллы ғәрезсизлигиниң 27 жыллық тойын байрамлап атырған бир мәҳәлде  елимиздеги барлық улыўма орта билим бериў мектеплери  оқытыўшылары ҳәр жылдағыдай дәстүрге айналған Август кеңеси әнжуманын салтанат пенен өткерип атыр. Биз журналистлер ҳәр тәрепке шаўып: ҳәр бир салтанатлы байрамды, халқымыздың шадлы күнлерин, ушырасыўларды халқымызға, кең жәмәәтшиликке, қала берди теле көрсетиўлер арқалы пүткил республикаға жеткериўге ҳәлекбиз. Себеби, ҳәр бир күни жаңалыққа толы байрамлары көп елдиң, халқы тоқ елдиң,  қала берсе Президентимиз тәрепинен байрамлар  есабынан дем алыс күнлери көбейген бахытлы, абат ҳәм азат елдиң қуўанышын өз ўақтында жеткериў-бизиң парызымыз ҳәм қарызымыз болып есапланады.Соңғы жыллардағы өзгерислердиң бири-дәслеп пайтахт көшелериндеги жаңаланыўларға қызығыўшылық пенен қарайтуғын болсақ, бүгинге келип көше бойларына сән ендириў, бәринен бурын нешше жыллар илгери салынған, халқымызда автомашиналардың көбейиўи менен тынымсыз жол танабын қуўырып, биз асфальтын жойтып алған кең гүзар жоллардың қайта асфальтланыўы, заманагөй еки қабатлы имаратлардың  бой тиклеўи, саўда шақапшалары, халыққа хызмет көрсетиў түрлериниң артыўы-ертеңги келешекке үмит арттырады. Туўылған жерге деген меҳир-муҳаббатыңды, сүйиспеншилигиңди арттырады. Мениң де белгили үлесим болыўы керек, мен не жаңалық киритсем екен, деп жүргенлердиң саны қаншама дейсиз?! Халықтың сана сезими өсиўи-жаңалық енгизиўге қумарлығы артқан сайын ра-йонымыз келбети шырайланып, халқымыздың дәраматы  көбейе береди. Мине, усындай алға илгерилеў жолында баратырған районымыз халқы өткен екшемби күни кең спорт алаңында «!зийз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным» сүрени менен елимиз ғәрезсизлигиниң ғў жыллық байрамын салтанатлы түрде белгилеп өтти.

Байрамға жыйналған халықты район ҳәкими Жамбул Адилов қызғын қутлықлады. Районның ҳәр қыйлы тараўларындағы бул жылдағы жетискенликлерине қысқаша тоқтап өтти. Әлбетте, халқымыздың пәраўан турмысын дийханшылықсыз елеслетип болмайды.  -Быйылғы жылы 2897 гектар майданға шигит еккен дийханларымыз 5795 тонна пахта зүрәәтин жыйнап алыўды нийет етип отыр,-деди район ҳәкими өз сөзинде.

Сондай-ақ, ғәрезсизлик жылларында районымызда қурылыс тараўына үлкен итибар қаратылып, усы жылы Инвестиция дәстүри тийкарында 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемесинде 2 миллиард 342 миллион сумлық капитал оңлаў жумыслары алып барылмақта. 2018-жылғы Инвестиция дәстүрине муўапық, «Өзбекстан» аўыллық шыпакерлик  пунктинде реконструкциялаў жумыслары исленип атырған болса, 14-санлы улыўма билим бериў мектебине 982,5 миллион сумлық реконструкциялаў жумыслары алып барылып,  жаңа оқыў жылы алдынан пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.

«Абат аўыл» дәстүри тийкарында 8-санлы ҳәм 10-санлы мектеп имаратларына, 5-санлы ҳәм 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине капитал оңлаў жумыслары алып барылып, ғәрезсизлигимиздиң  27  жыллық байрамына тапсырыў нәзерде тутылған.

Соңғы жылларда аўыллық жерлерде ишки жолларды оңлаў жумысларына итибар берилип, быйылғы жылы район аймағындағы 11,5 км. узынлықтағы көшелерге сметалық баҳасы 1 миллиард 792 миллион сумлық оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Район орайындағы Дослық гүзарын сметалық баҳасы 2 миллиард сумлық 1 км. жолды реконструкциялаў, көше бойындағы тротуарларын жаңадан қурыў ҳәм орайдағы көшени жақтыландырыў режелестирилип, соннан 700 метр жолды реконструкциялаў жумыслары, 500 метр көше бойындағы тротуарларды жаңадан қурыў ҳәм 1 км. көшени жақтыландырыў жумыслары әмелге асырылды.

Районымыздың экономикасын алға илгерилетиў бағдарында санаат өнимлерин ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўын раўажландырыў, азық-аўқат дәстүри тийкарында шарўашылық, қусшылық, балықшылықты раўажландырыў бо-йынша кредитлер ажыратылып, жаңа жумыс орынлары жаратылып атыр.

Байрам салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Билимлендириў министри Аманжол Аяпов қатнасты ҳәм халқымызды ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады.

Байрам районлық мәденият бөлими ҳәўескерлери менен пайтахттан келген белгили қосықшылардың йошлы намалары, аяқ-ойынлар, спорт шеберлериниң шығыўы менен даўам етти.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА