САЙЛАЎ КОДЕКСИНИҢ ЖОЙБАРЫ ДОДАЛАНДЫ
Усы жыл 24-август күни райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарын додалаўға арналып ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўды район ҳәкимлигиниң шөлкемлестириў-қадағалаў топары баслығы Қ.Елмуратов алып барды.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы Е.Джуманазаров, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Н. Мырзамуратов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти, юридика илимлериниң кандидаты Зухра Реймова ҳәм райондағы барлық мекеме, кәрхана, шөлкем басшылары, районлық Кеңестиңдепутатлары, жергиликли сайлаў комиссиясы ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша шығып сөйлеўшилер Кодекс жойбары туўралы жыйналғанларға кең түрде түсиник берди.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң жойбарын ислеп шығыўда 15 тен аслам шет мәмлекетлердиңҳәм 5 абыройлы халықаралық шөлкемлердиң тәжирийбелеринен пайдаланылды.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң жойбары ҳәрекеттеги сайлаў нызамшылығы менен салыстырғанда үлкен өзгерислери менен ажыралып турады.
Атап айтқанда, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслерине талабан көрсетиў ҳуқықы шығарып тасланбақта. Мүддетинен алдын даўыс бериў ҳәм сайлаўкүни даўыс бериў ушын «Сайлаўбюллетени» түсиниги, бирден-бир ҳүжжет-бюллетенин киргизиў арқалы бийкар етилмекте.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси улыўма ҳәм арнаўлы бөлимлерден ибарат. Улыўма бөлим, сайлаў системасының тийкарлары ҳәм принциплери, субъектлери ҳәм олардың ўәкиллери, сайлаў ҳуқықының кепилликлерине бағышланған. Арнаўлы бөлим, мәмлекет Президенти, нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиңдепутатларын сайлаўтәртиби, Сенатты қәлиплестириў мәселелерине бағышланған. Кодекс 18 бап ҳәм 100 статьядан ибарат.
Ушырасыўда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар тәрепинен берилген сораўларға тийисли жуўаплар алды.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА