СЕКТОРДАFЫ КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ
Жақында райондағы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйынында 1-сектор басшысы, район ҳәкими тәрепинен көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Көшпели қабыллыўға район ҳәкими Ж.Адилов, ҳәкимниң орынбасарлары, районлық халық қабыллаўханасы баслығы, районлық әдиллик бөлими баслығы ҳәм район аймағындағы тийисли мекеме, қәрхана басшылары ҳәм «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны халқы қатнасты.
Жыйналысты район ҳәкими, 1-сектор басшысы Ж.Адилов ашты ҳәм алып барды.
Жыйналыста Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 7-июньдағы «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасын әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, жеңиллетилген микрокредитлер (шаңарақлы исбилерменлик ушын ең кем ис ҳақының 150 есеси, киши исбилерменлик субьектлери ушын ең кем ис ҳақының 1000 есеси) алыў ушын усыныс беретуғынлығы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 27-июньдағы ««Yoshlar-kelajagimiz»» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, жаслардың бизнес басламалары, идеялары ҳәм жойбарларын әмелге асырыў ушын коммерциялық банклери арқалы жыллық 7 пайызлы ставка менен жеңиллетилген кредит ҳәм мал-мүлкти лизингке беретуғыны ушырасыў қатнасыўшыларына түсиндирилди.
Көшпели қабыллаўда пуқаралар өзлериниң аўыл аймағындағы машқалаларын айтып, әмелий жәрдем көрсетилиўин сорады.
Солардан, «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны И.Турсынова төрт баласы орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлерин питкерип, бүгинги күнде жумыссыз екенлигин айтып, жумыс пенен тәмийинлениўинде ҳәм кредит алыўда әмелий жәрдем берилиўин сорап мүрәжат етти.
Пуқара Ө.Өтемуратов өз аймағындағы 35 хожалық биригип, қыйтақ жерлерин суўғарып отырған жеке насосы бузылып қалғаны, соны райондағы Абаданластырыў басқармасының балансына өткерип бериўинде ҳәм сол аймақ пуқараларын қосымша және бир газ баллон менен тәмийинлеп бериўине жәрдем сорады.
Сондай-ақ, аймақтағы «Нурлы жол» көшеси турғыны Қ.Жолдасбаев мүлик ҳәм жер салығын төлеў бойынша түсиник бериўин және өз жер майданын қайта өлшеп бериўди сораған болса, усы көше турғыны Г.Байлепесова қурылыс материалларын алыў ушын кредит алыўда жәрдем көрсетилиўин өтинди.
Пуқара А.Утенов болса тамарқа жерлерин суўғарыў ушын санитариялық суў кереклигин ҳәм көшесине баспа кран қурып бериўде әмелий жәрдем берилиўин сорады.
Аймақтағы «Жаңа турмыс» көшеси турғыны А.Байназарова көшесин асфальтлаўды ҳәм жақтыландырып бериўди усыныс етти.
Жыйналыс соңында «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқаралар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар есапқа алынып, олар ҳәр тәреплеме үйренип шығылып, әмелий жәрдем көрсетилетуғыны айтып өтилди.
Ҳүрлиман АСЕНОВА