ҲАЯЛ ДӘРТИН КИМГЕ АЙТСЫН?!
Ҳаял! Ол физикалық жақтан әззи болыўы мүмкин. Лекин руўхый жақтан оннан күшли бенде болмаса керек. Ол өмирдиң қайғысын да, қуўанышын да, тәшўишин де теңдей көтере алады.
Ҳаялдың өмири мисли бир гүлге уқсайды. Оған меҳир керек, әлпешлеп, асырап-абайламасаң, бир күн келип мәдары кеткеннен соң бойын тиклеп турыўға да ҳәлсизлик етеди.
Шаңарақта ата-ананың қушағында емин-еркин күлип ойнап, ержеткен қыз бир күн келип өзге шаңараққа келин болып түскенде өзин «жаўдың қолына» түскендей сезеди. Себеби, бул қыз бала ушын өзге дүнья есигин ашқан менен бара бар. Ол үйдиң тәртип-қағыйдасы, өзлерин услап тутыўы бәри басқаша. Тек қыз бала сол қағыйдаларға шыдам бере алса жеткиликли. Жағдайдан еплеп шығысып кете алады. Гейде шыдамның да шеги таўсылып, ҳаял бул аўырманлықтың бәрин көтере бериўге шыдамы жетпей қалыўы мүмкин.
Өзбекстан Халық жазыўшысы Өткир Хошимовтың мынадай бир пикири бар: «Адам ҳәмме нәрсеге тойыўы мүмкин. Байлыққа, әмелге, атақ-абыройға. Қудайдың өзи кеширсин, ҳәтте өмирге де... Адам ҳәмме нәрсеге тойыўы мүмкин. Тек бир нәрсеге-меҳирге тоймайды. Дүньяда буннан арзан нәрсе жоқ. Бир аўыз шийрин сөз, бир шымшым меҳир кимди өлтирипти! Айырым ўақытлары соны да бир-биримизден аяймыз.»
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 27-июль күни жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарындағы жумыслардың бүгинги жағдайы, бул бойынша ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, системада жүзеге келген машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте Президентимиз жынаятлардың тийкарғы себеплери толық үйренилмей атырғанын қатаң сынға алды.
Буннан былай жынаятшылықты жылаўлаў бойынша пүткилей жаңаша система шөлкемлестириледи. Бул система «Жынаят ҳақыйқаты ҳәм әдалат» деп аталады. Буннан былай ғалаба хабар қуралларында «Жынаят ҳақыйқаты ҳәм әдалат» рубрикасы шөлкемлестирилип, жынаяттың тийкарғы себеплери толық үйренилип, әдалат қарар тапқанлығы халыққа сабақ ретинде жәрияланып барылады.
Сондай-ақ, мәжилисте соңғы ўақытлардағы өз жанына қастыянлық етиў жағдайларының көбейгенлиги айтылды. Бундай өз жанына қастыянлық етиў ҳәрекетин ҳәр биримиз «айрықша жағдай» сыпатында қарап, адамларда бундай минез-қулықтың пайда болыўына жол қоймаў кереклигин айтып өтти.
Инсан ҳәр қандай жағдайда да кеўлиндеги дәрт-тәшўишлерин кимгедур айтып, кеўлин жумсатқысы келеди. Қәне енди оларға бундай жағдай туўылғанда еди, жүрегинде пайда болған қара бултты тарқатар еди. Басына тәшўиш түскен ҳаял кимге дур дәртин айтыўы керек емеспе?! Усыларды есапқа алып, Президентимиз селектор мәжилиси барысында ҳаял-қызлар ушын жабық поликлиникалардың ашылыўын мәсләҳәт етти.
Мәмлекетимизде инсанның өмири, қәдир-қымбаты итибардан шетте қалып атырған жоқ. Әсиресе ҳаял-қызлардың турмысы менен байланыслы машқалалар ҳәр дайым мәмлекетимиз нәзеринде. Буның бир айқын мысалы ретинде орынларда ашылып атырған ҳаял-қызлардың социаллық көнликпелер орайын айтып өтиў орынлы.
Районлық медицина бирлеспеси жанынан ашылған бул орай ҳаял-қызлардың денсаўлығы, турмыс тәшўишлери менен байланыслы машқалаларын шешиўде жәрдем береди деген үмиттемиз.
Орайдың ашылыўына байланыслы болып өткен жыйналысқа район ҳәкими Ж.Адилов, район прокуроры П.Халмуратов, район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы А.Аллиярова ҳәм басқалар қатнасты.
Шынында да турмысымызда жүз берип атырған ўақыяларға шаңарақтағы болар-болмас себепсиз нәрселердиң ақыбети шийеленисип, ажырасыў, денеге аўыр жарақат жеткериў, айырым ўақытлары өз жанына қастыянлық етиўге шекем алып барады.
Бул орайдың ашылыўындағы баслы мақсет-турмысы аўыр, қыйын жағдайларға дус келип қалған, түскинликке түсип қалған ҳаял-қызларымызға туўры мәсләҳәтлер бериў арқалы оларды жаңа өмирге баслаў, сабырлылыққа шақырыў, ҳәмме нәрсени ақыл менен шешиў кереклигин, ашыў үстинде жынаят ислеўге жол қоймаў, турмыслық сабақлар үйретиў бағдарында мәсләҳәтлер бериўден ибарат.
Елшилик. Арамызда усындай түскинликке түсип жүрген ҳаял-қызларымыз жоқ деп айта алмаймыз. Биреў қәйин енеден дәкки жесе, биреў күйеўинен, және биреў ҳәммеге айта алмайтуғын ишки дәртин өзинде сыр тутып, басқаға айтыўға раўа көрмей жүгенлер де бар шығар бәлким...
Орайға арнаўлы шыпакерлер бекитилген болып, олар Рая Қалбаева ҳәм Зульфия Дәнеғуловалар.
Орай ашылған күннен баслап өз жумысын баслап жиберди. Биз райондағы ҳаял-қызларымыз арасында жоқарыдағы жағдайларға дус келгенлер болса, орайға барып, ишки дәртлериңизди бөлисип, мәсләҳәтлер алыўыңыздың тәрептарымыз.
Биз усы орында районлық ҳаял-қызлар комитети жанынан қызларды үзликсиз билим алыўға толық қамтыў, ҳаял-қызлардың руўхый мәдениятын беккемлеў, талантлы қызлардың санын көбейтиў, соның менен бирге белгили бир мийнет түри менен бәнт болмаған ҳәм социаллық белсендилигин көрсете алмай атырған ҳаял-қызларға жәмийеттен өз орнын табыўға көмеклесиў мақсетинде 7 жастан 35 жас аралығындағы ҳаял-қызларды бирлестиретуғын «Қызларжан» клубы ҳаққында да айтып өтпекшимиз. Бул клуб ҳәр бир улыўма орта билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилген болып, клуб арқалы қызларымыз ушын толық билимди алып, қәнигелик ийелеп, 21-22 жастан кейин шаңарақ қурыў кереклигин санасына сиңдирип барыў, шаңарақта қәйинене менен келин арасындағы мүнәсибетти үлгили шаңарақлар мысалында көрсетиў арқалы гөзлеген мақсетке ерисиледи.
Биз сөзимиздиң басында меҳир ҳаққында сөз еткен едик. Ол пулға сатылмайды, «Жақсы сөз айтсаң жылан да ининен шығады» деген, сонда биз меҳирди, жақсы сөзди не ушын өзимизге қәдирли инсанлардан аяўымыз керек.
Биз ҳәр қашан бир-биримизге меҳир-мириўбетли болайық, ҳеш қашан қәдиримизди жоғалтпайық! Сонда ҳаял-қызларымыз өз турмысынан разы болып, уўайым-қайғысыз өмир кеширеди.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА