Siyosat ЖӘНЕ ДЕ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН МҮМКИНШИЛИКЛЕР

ЖӘНЕ ДЕ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН МҮМКИНШИЛИКЛЕР

0
ЖӘНЕ ДЕ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН МҮМКИНШИЛИКЛЕР

Жәмийетимизде ҳаял-қызлардың тутқан орны айрықша. Неше дәўирлер алдын санға илинбеген, ҳаялдың орны-ошақ басы деген түсиниктен ары өтпеген ҳаял-қызлар бүгинги күнде дүньяны тән алдырып, өзиниң орны қайларда екенин ерлер менен тең сапта турып дәлийллеп атырғанын ҳәр биримиз мойынлаўымыз керек. Ҳаял-патша, ҳаял-исбилермен, ҳаял-баслық, ҳаял-устаз болып ғана қоймастан, ол-ана, шаңарақтың берекети, мийирман туўысқан, қулласы оның бойынан барлық жақсылықты таўасаң, оның қолынан келмейтуғыны жоқ екенин аңлайсаң. Ҳаял ошақ басынан шығып, өзиниң нелерге қәдир екенин дәлийллеп келмекте. Себеби, оны пүткил әлем қоллап-қуўатлап атыр.

Ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мүмкиншиликлерин кеңейтиў, олардың аймақтың экономикалық турмысында белсенди қатнасыўын тәмийинлеў-халықтың абадан турмысын арттырыў ҳәм раўажландырыў бағдарындағы халықаралық көлемдеги мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли орынды ийелейди.

Елимизде туризмди раўажландырыў ҳәм мәдений мийрасларды абайлап асыраўға кеңмүмкиншиликлер жаратылып, исбилерменликти баслаўға тийкар болған дәстүрли өнерментшилик мектеби бул бағдарда жақсы имканиятларды жаратпақта. әсиресе, соңғы жыллары бирлескен миллетлер шөлкеминиң ҳүкиметимиз бенен бирликте исбилерменликке қызығыўшы ҳаял-қызларды, соныңишинде Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районының экологиялық апатшылықтан жәбир көрип атырған қатламын қоллап-қуўатлаўы, оларға әмелий жәрдемлер бериўи, орынларда семинар-тренинглер өткериўи-халқымыз ушын, соның ишинде ҳаял-қызларымыз ушын бирден-бир бийбаҳа мүмкиншилик деп түсиниўимизге болады.

Районлық аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде БМШниң «Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик қорын шөлкемлестириўарқалы Арал теңизи апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» бирликтеги Бағдарламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар Комитети тәрепинен шөлкемлестирилген семинар-тренинги болып өтти.

Семинардың тийкарғы мақсети аўыллардағы ҳаял-қызларымыздың қолда бар материаллардан пайдаланған ҳалда қуўыршақлар, сувенирлер ҳәм безеў жумысларын ислеўде билим ҳәм көнликпелерин арттырыўдан ибарат. Илажға районлық билимлендириў мекемелериниң баслаўыш класс муғаллимлери, мийнет пәни оқытыўшылары ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мекемелери тәрбияшыларынан ибарат болған 30 ға жақын ҳаял-қызлар мирәт етилди. Бул мастер-класстың артықмаш тәрепи сонда, қатнасыўшылар жеке дөретиўшилик жумыслары, заманагөй дизайнды қоллаған ҳалда классик буйымларды жаратыў, эскизлерди белгилеўҳәм таяр өнимди жаратыўбасқышларында өзлериниң дөретиўшилик имканиятларын кеңнен қолланыўға ериседи.

Ҳәр түрдеги сувенирлерди ислеў, оларды ислеў усылларына үйретиў бойынша өткерилген әмелий  сабақларға қатнасыўшылар үш күн даўамында өзлериниң теориялық билимлерин беккемлеў мүмкиншилигине ийе болды деп ойлаймыз. Буған қосымша, мастер-класс ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған болып, қатнасыўшылар өз бизнесин жолға қойыў, таяр өнимлерди сатыў, қарыйдарларды қызықтырыў ҳәм өнимлерди сатыў каналларын табыў бағдарында өз билимлерин асырады. Демек, олар арасынан келешектиң исбилерменлери шығып қалыўы да, тәәжип емес.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТИЯРОВА