Ma'daniyat ҚУЎЫРШАҚ ТЕАТРЫ ТАМАША КӨРСЕТТИ

ҚУЎЫРШАҚ ТЕАТРЫ ТАМАША КӨРСЕТТИ

0
ҚУЎЫРШАҚ ТЕАТРЫ ТАМАША КӨРСЕТТИ

Әзелден балажан халық. Сонлықтан олар ҳәр дайым мәмлекеттиң дыққат-итибарында болып келмекте. Әсиресе бүгинги күндеги мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине Президентимиз тәрепинен көрсетилип атырған ғамхорлықлар өз алдына. Буны айқын мысалы ретинде бақшаларға әкелип атырған ертек китаплар, жумсақ ойыншықлар, спорт әнжамлары, балалардың дем алыўы, ойын ойнаўы ушын отырғышлар, сырғанақлар булардың бәри балалардың кеўилли дем алыўы ушын. 

Жақында бақша балалары ушын Нөкис қаласынан жас тамашагөйлер театры тәрепинен қызықлы тамашалар қойып берилди. Қуўыршақ  театры жәмәәти балаларға ертек ҳәм «Салақ бала» атамасында тәрбиялық әҳмийетке ийе көринисти инам етти. Атамасынан белгили болып турғанындай, бул көринисте мектеп жасындағы баланың қошжақпас екенлиги көрсетилди. Бул әсиресе мектепке қәдем атайын деп турған балалар ушын үлкен сабақ болды деп ойлайман. Ертекти тамашалап отырған балаларды сырттан бақласақ, олар да өзлерин тап сол ертеклердиң ишинде жүргендей сезип отырды.

Тамаша даўамында балаларға фокус ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди. Бул күн балалардың есинде узақ сақланып қалады.

Рамуза ЖАЛИЕВА

4-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси тәрбияшысы