Siyosat ИСБИЛЕРМЕН ҲАЯЛ- ҚЫЗЛАРДЫҢ ТАҢЛАЎЫ

ИСБИЛЕРМЕН ҲАЯЛ- ҚЫЗЛАРДЫҢ ТАҢЛАЎЫ

0
ИСБИЛЕРМЕН ҲАЯЛ- ҚЫЗЛАРДЫҢ ТАҢЛАЎЫ

Мәмлекетимиз экономикасы, киши бизнес ҳәм жеке сектордың раўажланыўында исбилермен ҳәм фермер ҳаял-қызлардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў, журтымызда әмелге асырылған социаллық экономикалық сиясий реформалар  мазмунын  ҳәм әҳмийетин ҳаял- қызлар ортасында  кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәр жылы ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси,  Қарақалпақстан Республикасы Фермерлер Кеңеси, Өзбекстан Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан  Республикасы Баскармасы, Қарақалпақстан  Республикасы Кәсиплик аўқамы бөлими  менен биргеликте ҳәр жылы «Исбилермен ҳаял» көрик таңлаўы шөлкемлестирилип келмекте.

Таңлаўдың районлық басқышында өзи ислеп шығарған кондитер өнимлери менен қатнасқан  Ҳүрлиман Зинатдинова жеңимпаз болып, таңлаўдыңөарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизген еди.

Усы жылы 24-июль күни Нөкис қаласы ахборот технологиялары кәсип-өнер колледжинде өткерилген  таңлаўдыңреспубликалық басқышына барлық районлардан 22 ҳаял-қыз қатнасты. 

Таңлаў жуўмағында бизиң районымыздан қатнасқан Ҳ.Зинатдинова  «Ең мириўбетли ҳаял-қыз» номинациясына ийе болып,  диплом менен сыйлықланды. Сондай-ақ,  жасларға  жаратылып атырған имканиятлардың бири-4 пайызлық жеңиллетилген кредит алыўмүмкиншилигин қолға киргизди.

Ҳәзирги күнде Ҳүрлиман кәсип-өнер колледжин тамамлаған 3 қызды өзине шәкирт етип таярлап атыр.

 

Гүлнара РАХМАНОВА

ӨзЛиДеП районлық Кеңеси  қәнийгеси