Siyosat «ДИЙХАН БАЗАР»ДАFЫ ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚ

«ДИЙХАН БАЗАР»ДАFЫ ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚ

0
«ДИЙХАН БАЗАР»ДАFЫ ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚ

Мәмлекетимизде ҳуқық қорғаўуйымлары ҳәм департамент хызметкерлери тәрепинен орынларда өткерилип атырған рейдлер даўамында бир қатар ҳуқықбузарлықлар анықланып атыр.

2018-жыл 8-июль күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм районлық бөлими хызметкерлери менен биргеликте Тахтакөпир дийхан базарында рейд тексериўи өткерилди. Тексериў нәтийжесинде пуқара Замира Абдуллаеваның (адам аты, фамилиясы өзгертилди) сырт ел валютасы алды-саттысы менен шуғылланып турғанлығы анықланды. Пуқара З.Абдуллаеваның жанынан 300 АҚШ доллары, 57 000 Қазақстан теңгеси ҳәм 2 282 500 Өзбекстан сумлары айғақлы зат ретинде ҳүжжетлестирип алынды ҳәм ўақытша сақлаўушын Агробанктиңрайонлық филиалына тапсырылды.

Шымбай районы ҳәкимшилик ислери бойынша суды тәрепинен ҳуқық бузыўшы З.Абдуллаеваның қарсысына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 170-статьясы менен жуўапкер деп табылып, ең кем ис ҳақының 3 есеси муғдарында, яғный, 516 720 сум жарийма жазасы тайынланып, айғақлы зат ретинде алынған пуллар мәмлекет пайдасына өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Қуўандық АЛЛАМЖАРОВ

Департаменттиң районлық бөлими инспекторы, 3-дәрежели юрист