БИШКЕКТЕН КЕЛГЕН ХОШ ХАБАР
Халықлар дослығы, миллетлерара татыўлық-балалықтан басланады.
Қырғызстан Республикасында бүгинги күнде өткерилип атырған «Ыссық-көл досларды жыйнайды-2018» халықаралық этнокарнавалдың тийкарғы мақсети де ғәрезсиз мәмлекетлер аўқамы ҳәм шет мәмлекетлердиң этномәдений өзгешеликлерин үйрениў, еллер арасындағы дослық байланысларды беккемлеў, балалар ҳәм жаслар арасындағы мәдений байланысты раўажландырыў, көркем өнерге қәбилетин асырыўҳәм туристлик көнликпелерин жетилистириўден ибарат екен.
Райондағы 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары да бул таңлаўға қатнасып атыр. Биз интернет тармақлары арқалы мектеп директоры Зиба Алланиязова менен байланыстық. Ол қырғыз халық жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың 90 жыллығына бағышлап өткерилип атырған таңлаўда мектеп оқыўшылары жәмәәтинен дүзилген «Ҳүрлиман» дуўтаршы қызлар ансамблиниң «Халық сазлары« жөнелиси бойынша сыйлы биринши орынды жеңип алғанын, сондай-ақ, жеке орынлаўшы қызымыз Шахсәнем Сейтованың екиншиликти қолға киргизгенин мақтаныш етти.
Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби директоры «Биз жәмәәтимиз бенен қарақалпақша миллий нағыслар ойылған кийим-кеншеклерди өзлеримиз тигип таярладық. Ата-аналар жол ҳақылары ушын пул жыйнады. Қәне, енди жолымыз менен азық-аўқатымыз ушын қәўендерлер табылса, таңлаўға кете берер едик!» деп әрман еткен еди таңлаўдан алдын болған биз бенен сәўбетте. Өз қоллары менен жаратқан миллий кийимди кийип, таңлаўға елиў елдиң арасында қатнасыў бахтына миясар болған, ата-аналары қоллап-қуўатлаған жас талант ийелерине қәўендер табылғанына биз де қуўандық. Бизде миллий кийим жоқ, жол ҳақыдан қыйналамыз, деп отырмастан өзлериниң, қала берди оқыўшылардыңата-аналарыныңқоллап-қуўатлаўы менен баслама көтерген, өзлериниңқәбилетине исенген жәмәәтке жаслардыңтиреги болған-жаслар аўқамы да өз жәрдемин аямапты.
«Қаранған қарап қалмас» дегендей, Бишкек қаласында 13-июльдан 20-июльға дейин даўам ететуғын, дүньяның 50 ге жақын елинен қәбилетли жас өспиримлерди жыйнаған талантлылар бәйгисинде аты озып шыққан аўылласларымыздан еле де күтер үмитимиз мол.
Мектеп жәмәәтиниң соңғы табысы тек бул ғана емес. Өткен май айында көркем өнер мектебиниң тарлы әсбаплар-скрипка жөнелиси оқытыўшысы Руслан Абутов Белоруссияныңпайтахты Минск қаласында өткерилген «Европа кубогы» халықаралық фестивалында лауреат болып, II дәрежели диплом менен сыйлықланды. Ол немец композиторы Иоганнес Брамстың» Венгерский танец» шығармасы менен көптиңкеўлинен шыға алды.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА