РАЙОН ҲӘКИМИ «ЖАҢАДӘРЬЯ»ЛЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ
«Халық-мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар-халыққа хызмет етиўи керек» деген принципти алдымызға қойған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сиясаттағы баслы мақсети-«инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстем» деген еңжақсы идеяны даўам еттириў болып, ол бүгинги күнде өзиниң унамлы нәтийжесин берип келмекте. Бул өз гезегинде халықтыңтурмыс дәрежесиниң және де абат болыўында үлкен қәдем болды.
Орынларда өткерилип атырған халық пенен ушырасыўларда оларды қыйнап атырған машқалалардыңунамлы шешимлерин табыўынан халық разы болмақта.
Усы жыл 18-июль күни райондағы «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйынында 1-сектор басшысы, район ҳәкими менен биргеликте көшпели қабыллаў болып өтти.
Көшпели қабыллаўға район ҳәкими Ж.Адилов, ҳәкимниңорынбасарлары, тийисли мекеме, кәрхана басшылары ҳәм «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйыны халқы қатнасты.
Көшпели қабыллаўда пуқаралар өзлериниңаўыл аймағындағы машқалаларын айтып өтти.
Олардан аўыл турғынлары Ж.Сәрсенбаев ҳәм Қ.Хожамуратовалар ҳәзирги күнде газ баллонлардың ўақтынан кешигип келиўи ақыбетинде қыйналып атырғанын, және қосымша газ баллонға мүтәж екенлигин, аўыллық шыпакерлик пунктин ашып бериўде әмелий жәрдем көрсетиўди усыныс етти.
Сондай-ақ, пуқара П.Пазылбекова үйинде 9 жасар қызының бар екенлигин ҳәм усы қызға жәрдем көрсетилиўин, ҳәзирги күнде мәмлекет тәрепинен майып ҳәм кем тәмийинленген, көп балалы шаңарақ ийелерине берилип атырған турмыслық хызмет көретиўши техникалардан берилиўине жәрдем көрсетиўин айтты.
Және де пуқара Т.Дайымов аўылдағы бурынғы ЭКОСтың сыртындағы темир бетонның(забор) қулап қалыў дәрежесине келип турғанын, сондай-ақ, аўылдан қалаға қатнайтуғын транспортлардың жол кирей баҳасы қымбатлап кеткенлигин айтып, бул бойынша жәрдем көрсетилиўин өтинди.
Халықта машқала көп. Бирақ олардың өз шешимин табыўы бәринен де зәрүр. Олар шешимин тапқанда ғана халықтың исеними артады, жасаўға, мийнет етиўге деген қуштарлығы және де беккем болады.
Ушырасыў жуўмағында пуқаралар тәрепинен берилген сораўлар тийисли сектор басшысы, ҳәким орынбасарлары, тийисли мекеме, кәрхана басшылары тәрепинен өз шешимин тапты.
Халық пенен бул мазмундағы ушырасыўлар еле даўам етеди.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА