Siyosat МАЛ УРЫЛАРЫ ҚОЛFА ТҮСТИ

МАЛ УРЫЛАРЫ ҚОЛFА ТҮСТИ

0
МАЛ УРЫЛАРЫ ҚОЛFА ТҮСТИ

Үйден еки мыңметр қашықлықта жайласқан мал қорасында турған еки бирдей малынан айрылып, жоқлаўын асырғаннан соң, оларды табыўда әмелий көмек сораған Тахтакөпир аўыл пуқаралар жыйыны турғыны А.Б. районлық ишки ислер бөлимине мүрәжат етти. 

«Өзиңнен шыққан жаўжаман» деп, сорастырыў, излестириўнәтийжесинде бул маллардыңурылары бәрин көрип-билип жүрген сол аўылдың турғынлары болып шықты. Урылар төрт адамнан (А.Хожимов, К.Искендеров, Е.Нуркелдиев, Т.Байлепесов) ибарат болып, олар алдын ала ойласып, жынайый тил бириктирген.

Сорастырыў барысында бул урылардыңбуннан басқа да урлықлары ашылды. Атап айтқанда, А.Хожимов ҳәм Н.Тилеўмуратовлар бир топар болып, 2018-жылы 6-январь күни усы аймақтағы дала майданларында жайылып жүрген бир бас қара малды урлап алып, ўақыя орнынан жасырынған. Сондай-ақ, А.Хожимов, Н.Тилеўмуратов, К.Искендеров ҳәм Е.Нуркелдиевлер бир топар болып, 2018-жылы 12-февраль күни 21:30 лар шамасында усы аймақтағы «Бекан-Тахта» фермер хожалығы жеринде жайласқан қораныңишинен еки бас қара малларды урлап алып, ўақыя орнынан қашып кеткен.

Және де 2018-жыл 21-февраль күни 21:00 лер шамасында пуқаралар А.Хожимов, К.Искендеров, Е.Нуркелдиевлер усы аймақтағы «Даўытсай дала» фермер хожалығы атызларында жүрген еки бас қара малларды урлаған. Және усы үш пуқара 2018-жылы 9-март күни саат 21:50 лер шамасында аймақтағы «Көлден» фермер хожалығы жеринде жайласқан қораныңишинен еки бас қара малларды урлап алып, ўақыя орнынан жасырынған.

Жынаятың ашылдыма, жаза таяр. Урлық жынаятында айыплы деп табылғанларға нызамлы шара көриўушын жынаят иси тийисли тәртипте жынаят ислери бойынша судына жиберилди.

(Адам атлары өзгертип алынды)

 

Рустем ИНЯТОВ

Районлық ишки ислер бөлими жанындағы тергеў  топары сорастырыўшысы, капитан