МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ
Район ҳәкимиятының мәжилислер залында район аймағында усы жылдың 6 айы даўамында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиў, ҳуқық тәртибин беккемлеўбойынша әмелге асырылған ўазыйпалардың жуўмағы, жынаятлардың өсиў себеплерин үйрениў, ҳуқықбузарлықлардыңалдын алыўға қаратылған илажлар көриў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеўге бағышланған Муўапықластырыўшы Кеңестиң мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы А.Қыпшақбаев, район ҳәкими Ж. Адилов, районлық Кеңес депутатлары, райондағы ҳуқық қорғаўтараўы хызметкерлери, мекеме, шөлкем, билимлендириў тараўы басшылары, орынлардағы мәкан пуқаралар жыйыны ақсақаллары ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти район прокуроры П.Халмуратов ашты ҳәм алып барды.
Мәжилистиң күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли ҳуқық қорғаў тараўы басшыларының баянатында атап өтилгениндей, 2018-жыл 6 ай даўамында районлық ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен район аймағында жынаятшылықтың алдын алыўда, азайтыўда, сондай-ақ нызам үстинлигин тәмийинлеўде Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳәрекет етип турған нызам талапларыныңорынланыўына қаратылған жобалы түрде жумыслар алып барылған. 2017-жылдың 6 айы даўамында алдыңғы 2017-жылдың дәслепки 6 айы менен салыстырғанда улыўма жынаятшылық 18 ден 11 ге кемейген. Яғный, транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаяты 2 ден 2 ге турақлылық сақланған, нызамсыз аў қуралларын сақлаў жынаяты 2 тен 0 ге, нызамсыз жоллар менен шегараны айланып өтиў жынаяты 4 тен 1 ге, қастан денеге орташа дене жарақатын жеткизиўжынаяты 1 ден 0 ге, лаўазымлы шахслардыңөз лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыўы 1 ден 0 ге, саўда яки хызмет көрсетиўқағыйдаларын бузыў жынаяты 1 ден 0 ге, жас өспирим яки мийнетке жарамсыз шахсларды материаллық тәмийинлеўден мойын таўлаўжынаяты 1 ден 0 ге, ҳүжжетлер, штамплар, бланкаларды ийелеў, набыт етиў, оларға зыян келтириў 1 ден 0 ге, экономика тараўындағы жынаятлар 2 тен 1 ге кемейген бир ўақытта жынаяттың айырым түрлери, яғный ҳайўанат яки өсимлик дүньясынан пайдаланыў тәртибин бузыў жынаяты 100 процентке, урлық жынаяты 3 тен 6 ға өсип кетиўине жол қойылған.
Улыўма жынаятшылық районымыз аймағындағы 4 аўыллық ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында өсиўине жол қойылды, яғный «Fәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынында 0 ден 1 ге, «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйынында 0 ден 1 ге, «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында 0 ден 1 ге, «Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйынында 0 ден 1 ке өсиўине жол қойылған.
Мәжилисте жүз берген жынаятлар ашық айдын айтылыўы менен бирге, бул айырым жынаятшылық көбирек жүз берген жыйын аймақларында еледе халық пенен бирге ислесиў, жынаятшылықтыңалдын алыўда ислениўи керек ўазыйпалар белгиленди.
2017-жыл дәўиринде район аймағында аналар өлими жағдайы есапқа алынбаған болып, 2018-жыл 6 ай даўамында 1 аналар өлими дизимге алынған. Буннан басқа 2017-жыл даўамында 1 жасқа шекем 4 балалар өлими жүз берген болса, 2018-жылдың 6 айы даўамында 1 жасқа шекем 2 балалар өлими жүз берген. Районда туберкулёз кеселлиги 2017-жыл даўамында 151 наўқас дизимде турған болса, 2018-жыл 6 ай даўамында 152 наўқас дизимде болып, өткен жылға салыстырғанда 1 жағдайға көбейген.
Муўапықластырыўшы Кеңес мәжилисинде алдағы ўақытта прокуратура, район ҳәкимлиги, ҳуқық қорғаўуйымлары ҳәм қадағалаўшы орынлар кең жәмәәтшилик пенен биргеликте район аймағында нызамшылықты беккемлеў, нызам талаплары бузылыўларының алдын алыў, сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиў талапларын күшейттириў ўазыйпаларын белгилеп алды.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА