Ma'daniyat ЕРТЕҢ-БҮГИННЕН БАСЛАНАДЫ

ЕРТЕҢ-БҮГИННЕН БАСЛАНАДЫ

0
ЕРТЕҢ-БҮГИННЕН БАСЛАНАДЫ

30-июнь-жаслар күни мүнәсибети менен районымызда жаслардың қатнасыўында ҳәр түрли илажлар алып барылды. Илаждың дәслепки қәдеми  район жасларының район ҳәкими Жамбул Адилов пенен ушырасыўынан басланды.  

Елимизде жаңаланыўлардың бири-жаслардың бирлескен ҳәм бирлеспеген топарлары арасында  айырмашылықты жоқ етиў, яғный жумыссыз жасларды жумыс пенен бәнт етиў, оларды исбилерменликке қызықтырыў, өзлериниң талабы күшли қәнигеликлерине бағдарлаў, екинши қәнигелик бойынша билимин асырыў-бүгинги күнниң тийкарғы машқаласына айланып отыр.

Район ҳәкими жаслардың алдында турған ўазыйпалар ҳаққында, бүгинги күнде пүткил дүньяны тән алдырып атырған жаслардың бири әлбетте, бизиң аўыл балалары болыўы да әбден мүмкин екенлиги, буның ушын ҳәр бир жастың билимге, илимге, спортқа, кәсибине деген қызығыўшылығы бәринен де үстин болыўы шәртлигин атап өтти. Ушырасып атырған жаслардан өзлериниң бизнес идеяларын ортақласыўын, егер зәрүр деп табылса елимизде жасларға берилип атырған жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў әбден мүмкин екенин, әмелий жәрдемди ҳәр бир банк арқалы алыў мүмкиншилиги бар жолларын түсиндирип берди.

Жаслар өзлериниң қызығыўшылығы, шоқлығы, талапшаңлығы менен ажыралып турады. Олардың аўқам ушын жарыслар ҳәм тағы басқа  да саяхатлар менен илажларға қатнасыўында автобуслардың жетиспейтуғыны, «Бөршитаў»ы менен «Қаратерең» көли әтирапында жаслар туризмин раўажландырыў мақсетке муўапықлығы, жаслар ушын дем алыс парклери кереклиги ҳәм тағы басқа да жаслардың машқалалары айтылды ҳәм шешиў жоллары кеңесип алынды.  

Елимизде Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық тек ғана қызлар ушын берилетуғын болса, енди қәбилетли ер жигитлер ушын «Мард  ўғлон» ҳәм «Келажак бунёдкори» мәмлекетлик сыйлықларының шөлкемлестирилиўи жас ларға және бир имканият екенин айтып өтти ҳәм  район жасларынан да сыйлық ийелери шығыўына исеним билдирди.

Илаж даўамында  «Мен ҳәм Жаслар аўқамы» сүрени астында колледж, мектеп оқыўшылары  бирлеспеген жаслардың  қатнасыўында  «Youth Day» марафоны, аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде «Жаслар-келешек қурыўшысы» темасында мийнет ярмаркасы, спорт жарыслары ҳәм жаслар сейиллери болып өтти.

Райондағы «Айдана» тойханасында кем тәмийинленген шаңарақлардың келин-күйеўиниң неке тойы шөлкемлестирилди ҳәм оған район ҳәкимияты, тийисли шөлкемлер тәрепинен     таярланған қымбат баҳалы үй-руўзыгершилик буйымлары саўға етилди. 

Илаждың жуўмақлаўшы басқышы-райондағы балалар спорт майданшасында «Жаслар-Өзбекстан келешеги» сүрени астында  республикамызға белгили эстрада қосықшылары  менен район ҳәўескерлериниң атқарыўындағы гала концерт ҳәм жаслардың кеўилли ойын-заўықлары менен даўам етти.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА