Ma'daniyat ЖАҚСЫЛЫҚ ЖАСАЎЛАFАН ЖАСТА

ЖАҚСЫЛЫҚ ЖАСАЎЛАFАН ЖАСТА

0
ЖАҚСЫЛЫҚ ЖАСАЎЛАFАН ЖАСТА

Сапарға атланған жолаўшының белгили бир мәнзиллерди жүрип өтип, алдына да, изине де қарап барластырып-байқаслап алатуғын пайытлары болады. Сол сыяқлы, аңлы-саналы ҳәр бир инсанның да өмириниң қайсы бир белес, қайсы бир жыллар асыўларында ели-журтына ямаса өзине-өзи есап беретуғын мәўритлери келеди.

Бүгинги күни нураныйлықтың нәўбеттеги қутлы бәндиргиси, бийик асқары-80 жасқа шығып атырған өарақалпақстанға мийнети сиңген саўда хызметкери, бурынғы Аўқамлық тутыныўшылар кооперациясы ағласы Генжебек Қурбанов өзиниң мазмунлы өмир тарийхын жарата алды.

Тахтакөпир районы, «Өзбекстан» фермер хожалықлары бирлеспеси аймағындағы «Мүйтен аўыл» елатында орта ҳаллы дийхан Мәмбетов өурбан ата менен Сәметова Гүлзипура ананың шаңарағында 1938-жылы 7-июльда дүньяға келген Генжебек сол дәўирдеги аўыл балаларына тән ол да қара мийнетке араласып, шынығып, жақсылық, мийрим-мириўбет аталмыш пазыйлетлерге баўланып өсти. Дәслеп 7 жыллық орта мектеп, соң кадрлар таярлаў ҳәм билимин жетилистириў мектебин айрықша тамамлады.

Кесип-маманлық ийелеўге деген қулшыныў оны Самарқанд кооператив институтына алып келди ҳәм елимизде көплеп кадрлар жетилистирип бериўши бул жоқары оқыў орнын 1966-жылы товартаныў ҳәм санаат товарлары саўдасын шөлкемлестириў қәнигелиги бойынша қызыл диплом менен питкерип шықты.

Студентлик жылларында дәслеп факультеттиң, кейин институттың Жаслар шөлкеминиң хаткери хызметин атқарған жигерли жигит Самарқанд қалалық ҳәм ўәлаятлық Жаслар шөлкемлери ағзасы болып сайланды.

Қарақалпақстанда кадрларға деген зәрүрлик саўда тараўында да әдеўир дәрежеде тапшы болған сол жыллары жүдә қуба-қуп түскен Генжебек Қурбанов институтты тамамлап келген жылы дәслепки мийнет жолын Тахтакөпир РайПОсында аға товаровед болып ислеўден баслап, соң Қарақалпақстан Республикалық тутыныўшылар кооперациясы аўқамының бөлим баслығы, Республикалық халық қадағалаў комитетиниң саўда бойынша инспекторы болды. 1969-жылдан баслап 15 жылдан аслам ўақыт Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылар кооперациясы аўқамы Басқармасы баслығының биринши орынбасары, ал, буннан кейин усы Басқарманың баслығы лаўазымында мийнет етти.

Сол жыллары Қарақалпақстан Республикасы Респотребсоюзы Республика халқының 75 процентине саўда хызметин көрсететуғын, өзиниң қаржысы менен өзин тәмийинлейтуғын, өз қаржысы есабынан өзиниң саўда, жәмийетлик аўқатланыў, ислеп шығарыў, таярлаў кәрханаларын өзи қуратуғын, өзиниң кәрханаларында азық-аўқат, халық тутыныў товарларын ислеп шығаратуғын, аўыл хожалық өнимлери ҳәм шийки затларын таярлайтуғын, өзиниң транспорт ҳәм басқа да салалары раўажланған үлкен әҳмийетке ийе тараўға айланды. Үлкемиздиң алыс-алыс түпкирлериндеги аўыллар, шопанлардың қыслаўы, жазғы жайлаўларына шекем турақлы ҳәм көшпели дүканлар арқалы  олар мүтәж затлары менен үзликсиз тәмийинленди.

Ол өзиниң тиккелей басшылығы астында 1991-жылы шөлкемлестирилген Қарақалпақстан Республикалық көп тармақлы товар-шийки зат биржасының президенти, 1994-жылы дүзилген Қарақалпақстан Республикалық суў хожалығының Мәмлекетлик-коммерциялық ассоциа- циясының Бас директоры  болып сайланды. Усы лаўазымда 2004-жылға шекем, яғный нураныйлық дем алысына шыққанша қалаўсыз хызметлер атқарыўға еристи.

Әдеп-икрамлылыққа, қайыр-сақаўатлыққа әзелден қол берип, үйирсек болып өскен Г.Қурбанов 2006-жылдан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Фондты шөлкемлестириўшилердиң қоллап-қуўатлаўында урыс ҳәм мийнет ветеранларына, елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет еткен инсанларға социаллық жәрдем көрсетиў, ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў мақсетинде дүзилген «Сақаўат» қайырқомлық жәмийетлик фондының Басқарма баслығы лаўазымында ислеп, бир қанша унамлы илажлардың әмелге асырылыўына ерисилди.

Қарақалпақстан Республикасы экономикасының раўажланыўына ҳәм халқымыз турмысының абаданшылығы жолында 60 жыллық мийнет стажына ийе ол, 40 жылдан аслам ўақыт жетекши тараўларда басшы лаўазымларда бар билимин, тәжирийбесин, күш-жигерин жумсап салмақлы үлес қосты.

Генжебек Қурбановтың усындай ислери Жоқарғы уйымлар тәрепинен ылайықлы баҳаланып, еки мәрте областлық партия комитети ағзасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты болып сайланды, «Қарақалпақстан Республикасына мийнет сиңген саўда хызметкери» ҳүрметли атағы берилди. Бир қатар орден ҳәм медаллардың ийеси. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының, Өзбекстан Республикасы тутыныўшылар кооперациясы аўқамы басқармасының ҳәм бурынғы Аўқамлық тутыныўшылар кооперациясы аўқамы басқармасының Ҳүрмет Жарлықларын алыўға миясар болды.

Ел-журтының, аўыл-аймағының беккем аўызбиршилик пенен абат, қурғын турмыста жасаўы жолында «Қум аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы үлгили шаңарақ ийеси, тек жақын әтирап емес, пүткил республикамыз көлеминдеги белгили белсендилердиң бири Генжебек Қурбанов ҳәм оның қостары Қарақалпақстанға мийнет сиңген халық билимлендириў хызметкери, Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы Амангүл Қарабекова менен 3 ул, 3 қызды жоқары мағлыўматлы, елиниң хызметине тақ туратуғын заманына сай азаматлар етип өсирип, тәлим-тәрбия берип, олар бүгинги күни «Уяда не көрсең, ушқанда сол»  дегендей, турмысымыздың қыйлы салаларында Ана-Ўатанымыздың әдиўли перзентлери қатарында ата-анасының ҳәм устазларының қуўанышына, мақтанышына айланған. Олардан бир неше онлаған ақлықлар сүйип, тамырлары терең, шақалары сан-әлўан бири-бирине жарасқан саялы қос гүжимдей саўлат төгип жасап атыр.

Дүньяға келген ҳәр бир адамның өмири бирин-бири тәкирарламайтуғын ҳәм оқылыўы тартымлы китапларға мегзейди. Елимиздеги нураный ақсақаллардың бири, бүгинги күни 80 жасты еңсерип атырған Генжебек Қурбановтың жүрип өткен өмир жолы да қәлемге алынар болса, халқы менен етене араласып-қатысып кеткен, тәшўишлерге де, қуўанышларға да, шым-шытырық ўақыяларға да толы мазмунлы бир қалың китап жазылған болар еди.

Юбилярымыздың жақсылық пенен жасаўланып атырған жасы және де толысып, көркейип, сән-салтанат пенен сап дүзеп, жылдан-жылларға, ўақыт төрине қарай мәрдана жүрис әйлей берсин!

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Қарақалпақстан Халық шайыры,

«Әмиўдәрья» журналының бас редакторы