БАСШЫЛАРДЫҢ БАСҚАРЫЎ ШЕБЕРЛИГИН АРТТЫРЫЎ МАҚСЕТИНДЕ
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық, мәмлекетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжели ҳәм системалы орынланыўын тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сыпатын асырыўда район ҳәкимлери орынбасарларының кәсиплик шеберлигин ҳәм жуўапкершилигин асырыў мақсетинде әмелий оқыў-семинарларын өткериў белгиленген еди. Усы жылдың 21-23-июнь күнлери райондағы қурылыс ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжинде район ҳәкими орынбасарлары, ҳәкимлик басқарыў аппараты қәнигелери, тийисли мекеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ушын әмелий оқыў-семинары болып өтти.
Семинарда тийкарынан 1-топарда район ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, 2-топарда район ҳәкиминиң туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары, 3-топарда район ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, 4-топарда район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары ҳәм 5-топарда район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитети баслығы ҳәм оларға тийисли мекеме, кәрхана, шөлкем басшылары арнаўлы ханаларда басқарыў шеберлиги бойынша сабақ алды.
Оқыў-семинар даўамында басшылар өз жумысларын жетилистириў, нәтийжели басқарыўды тәмийинлеўши көнликпелерди раўажландырыў, хызметкерлер ҳәм халық пенен нәтийжели пикирлесиў тийкарында дурыс қарарлар қабыл етиў, ўақытты басқарыўдың басшы хызмети менен байланыслы технологияларын қоллаў бойынша көнликпелер алды.
Әмелий оқыў-семинар барысында қатнасыўшылар жоқары оқыў орнының тәжирийбели оқытыўшылары, модераторлар ҳәм тренерлерден сабақ алды. Сондай-ақ, тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда ушырасып атырған машқалалар үйренилип, олардың шешимлери бойынша және бир мәрте анықлық киргизилди. Ҳәр бир басшы жумыс барысында өз басқарыў шеберлигин иске қосқан ҳалда жумыс алып барыў кереклиги семинар оқытыўшылары тәрепинен әмелде көрсетип берилди.
Әлбетте бундай әмелий оқыў-семинарларының өткерилиўи тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин асырыўда ҳәм халықтың турмыс дәрежесиниң асыўында басшылар ушын шеберлик мектеби болатуғынына исенемиз.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА