ТӨРТ ЖАСЫНДА ҚОСЫҚ «ТОҚЫFАН» НАРГИЗА
Төрт жасар нәресте қосық тоқыса ҳеш ким кеўил аўдармайтуғын да шығар?! Наргизада тап солай болған. «Төрт жасымда өзим қурастырып қосық айтатуғын едим. Ал төртинши класыма келгенимде биринши класста оқыйтуғын үкемниң «Әлипбе» байрамына қосық ядлатыўға туўра келип қалды. Излеп таба алмадық. Өзим қағаз қаралай басладым. Нәтийжеде «Әлипбениң нәсияты» деген мынадай қатарлар пайда болды:
Мениң атым «Әлипбе»,
Үйретемен ҳәрипти,
Оқып билим алыңлар,
Илимге күш салыңлар!
Кел балалар, келиңлер,
Үйрениңлер, билиңлер,
Алфавитти тезирек,
Ядлап айтып бериңлер!
Бирақ кишкене пайытымда «Нан жапқанда» деген өзбекше қосықты жақсы көрип сол қосыққа ойнайтуғын едим. Соннан кейин илҳамланып қосық тоқып кетемен. Бирақ тоқыған қосықларым шайырлықпа, оныда, жазыўды да билмейтуғын ўақытларым ғой. Усы «Әлипбе нәсияты» жазып алынған ҳәм үкем мектепте айтып шыққан биринши қосығым еди...»
Рамбергенова Наргиза өзиниң әтирапындағы ҳәр бир көринисти қосық етип дөретиў шеберлигине ийе қыз. Басқаларда ушыраса бермейтуғын, жасына салыстырғанда адамды таңландыратуғын қәбилет бар. Қайсы бир мектеп оқыўшысы болса да қосық дөретиўге қызығады, айырымлары өзин сынап көреди. Әдеттегидей, ўатан, ана, тәбиятқа арналған, көширмедей қатарлар менен шекленип қалады. Наргизаның қосықларын оқысаңыз туўысқанға сүйиспеншиликти, досқа садықлықты, үй жәниўарларына деген меҳрибанлығын, ата-анаға ҳүрметин көремиз. Және оның қосықларында балалар дөретпелеринде ушыраса бермейтуғын сатира менен юморды ушыратамыз.
Кишкене Наргизаның алға қойған мақсетлери үлкен. Ҳақыйқый поэзия мектебинен тәлим алыўды, келешекте халқының кеўлинен шығатуғын қосықлар дөретиўди нийет етеди. Өзиниң «Нийетим» ҳәм «Ең уллы саўға» китапларындағы мазмунлы қосықлары буның дәлийли. Шайыраның және бир китаплық жаңа дөретпелери таяр тур. Жақында өткерилген «Камалак»-мениң өмиримде» республикалық шығармалар таңлаўында сыйлы биринши орынды ийелеп келди. Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген жас талант ийелериниң семинарына қатнасып, өзи қатарлы қәбилетли дослары менен биргеликте белгили жазыўшы, шайырлар менен ушырасты. Олардан тәлим алды.
Наргизадан көпшилик поэзия шайдалары қатарында бизде үлкен үмитлер күтемиз ҳәм қызымыздың ертеңги айдын келешегине табыслар тилеймиз.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА
АТАМНЫҢ АЙТҚАНЛАРЫ
(гүрриң)
Жаз күнлериниң бири еди. Азиза ойыннан шаршап келип, аш болдым деп қолына ярым шөрек нанды сындырып алып кетти. Оны жеп болмастан-ақ, Улзада оны жүр ойнаўға барамыз деп шақырды. Ол қолындағы нанды сыпаның шетине кейин жеймен деп таслап кетти. Күн жүдә ыссы болғанлықтан нан тез кеўип қалды. Азиза ойыннан келип кеўип қалған нанды жегиси келмей күшиги «Байт»ты шақыра баслады. Атам бәрин бақлап отыр екен.
-Қызым,-аппақ нанды неге ийтке бережақсаң, оннан да өзиме бер деди де, ишип атырған көк шайына туўрап, жибитип жеди. Бул ўақытта мен тоқыма тоқып отыр едим. -Ата, не ушын, сонша бос нан турғанда қатты нан жеп отырсыз, я тисиңиз болмаса? (атам 86 жаста еди)-дедим. Атам үндемей ойланып отыра берди. Бираздан соң қарасам, еле ойланып көзине жас алып отыр. Атамның қасына барып оннан не ушын ойға батып отырғанының себебин сорадым.
-Ҳәй қызым-ай, мен саған балалығым қыйын өткенин айтып едим, сол дәўирлер есиме түсип кетти. Мениң балалығым урыс дәўирине туўра келди. Ол жыллары турмысымыз жүдә аўыр кешти. Ақ нан дегенди түсимизде де көрмейтуғын едик. Жүўери менен шигинен қатырылған бир тислем нан ушын азаннан кешке дейин жумыс ислейтуғын едик. Гейде кеште қазанға салатуғын зат таба алмай, аштан-аш бир кесе сүт яки қатық ишип жататуғын едик. Ең күшли аўқатымыз жүўери уннан исленген қатыбыламық деген аўқат. Оның да ортасына қуятуғын бир қасық май табылса сол күни байрам. Мен он жасар бала едим. әкемиз болса урысқа кетти. Бийшара апам бизлерди тойып жеп алсын деп, жей бериң балаларым мен қашшан жеп тойып алдым,-деп бир шетте отырады. Биз жеп болған соң анам тек жуғын ғана жалап жататуғын еди. Буны бизлер кеш түсиндик. Эҳ, байғус анамай! Бир қарны тойып аўқат жей алмай-ақ өтип кетти. Үстимизге кийетуғын дурыслы кийим де болмады. Ийинге илингендей кийим болса урыс майданындағы солдатларға жәрдемге деп жыйнап алып кететуғын еди. өызым саған өтирик, маған шын. өыста аяқ кийимимиз болмаған соң оқыўға да баралмайтуғын едик. Ол ўақытлары етик деген жоқ. Етиктиң орнына малдың терисин орап байлап жүремиз. Тери де табылмайды. өоңсы-қобаға баратуғын болсақ қарда жалаң аяқ он бес, жигирма адым жуўырамыз, аяғымыз тоңса көйлегимиздиң шалғайын аяғымыздың астына басып, азырақ отырып аламыз да және жуўырамыз. Усылайынша үш, төрт жерде отырып алып жолды даўам ететуғын едик. Мен жарлылық ҳәм ашлық азабын көп тартқанман. өатаған дәўир мени балалығымнан журдай етти. Балаларша ойнап күлиў бизге несип етпеген. өызым бул заман нағыз патшалық заман ғой, көз тиймесин! Ҳеш нәрсени заяламаң. Ысырапқа жол қоймаң. Ҳәмме нәрсениң обалы бар, сораўы бар. Тынышлықтың ҳәм тоқшылықтың қәдирине жетиң балларым. Булар бизиң заманымызда болғанында ма еди...
Атамның сөзлеринен кейин бираз ўақытқа шекем өзиме келе алмай бир түрли болып жүрдим. Алдыңнан аққан суўдың қәдири болмас дегендей, гейде билип-билмей ысырапқа жол берип қоямыз.
Анама илтимасым
(ҳәзил-шыны аралас)
Анам кетти Ташкентке,
Орынбасары мен әлбетте.
Шай-аўқат таярлап күнде,
Үш күним өтти ғой демде.
Писирдим биринши күни мәйек бөрек,
Болыпты аўқатым сәл көбирек.
Аўқатымның дузы болды сәл-пәл аз,
Буннан сабақ алдым,-дейди аспаз.
Макарон қуўырдақты зор қылып,
Екинши күни писирдим.
Атам қалар деп түйилип,
Қара шай демлейжақ болдым.
Сүтин қуйдым да шайдың,
Сабақ таярлай басладым.
Алгебрадан шығарып есап,
Ўатаным қосығын ядладым.
Бир ўақлары ажағам бирден,
Келди кирип есиктен.
Наргиза деп шақырды,
Барған соң ҳәс бақырды.
Атам шайын күтип жатыр,
Мына шайнек тасып атыр.
Шалағайсаң неге бунша,
Түби күйип сасып атыр.
Ол шай мениң есимде жоқ,
Үй таза деп, кеўилим тоқ.
Басым аралас-қуралас,
Я мийимди тазалап болмас.
Жақпай кетти-аў маған булар,
Наргиз қызың шаршап қулар.
Өтти үш күн енди болар,
Сиз келсеңиз кеўилим толар.
Аўқатты да, жақсы етип асалмадым,
Яки сизиң орныңызды басалмадым.
Анажан аўылға қайтың тезирек,
Маған да азырақ тынышлық керек.
Наргиза Рамбергенова
1-санлы улыўма орта билим бериў
мектебиниң 7-класс оқыўшысы