Siyosat ШЕГАРАНЫ БУЗЫП ӨТИП...

ШЕГАРАНЫ БУЗЫП ӨТИП...

0
ШЕГАРАНЫ БУЗЫП ӨТИП...

Аманның үй-иши 2004-жылы Тахтакөпирден Қазақстан Республикасына турақлы түрде жасаў ушын көшип кетеди. Ол Павлодар қаласындағы Красноармейка аграр-техникалық колледжин 2018-жылы питкеретуғын болғанлықтан диплом алыў ушын оған паспорт керек болады. Оның жолларын қарастырып, 2017-жылы 20-апрель күни Өзбекстан Республикасының Қазақстандағы елшиханасына жолығады. Бул жердегилер Аманның ҳүжжетлерин алып қалып, үйренип шығатуғынын айтады. Бирақ Аман буны күтип отырмады. Оған Қазақстандағы қыз апасы Сара: «Аман, сен паспортсыз-ақ шегарадағы айланба жоллар менен  Тахтакөпирге барып, сол жақтан паспортыңды туўрылап қайт. Сарыағаш қаласындағы шегарадан кешки ўақытлары өтсең болады, кеште адам болмайды» деп кеңес береди. Буны өзине мақул көрген Аман  ойланбастан 2017-жылы 10-ноябрь күни саат 22:00 лер шамасында Сарыағаш қаласынан шегарадан айланба жоллар менен өтиў мақсетинде бир өзи келип, бул жерде ҳеш ким болмағанлықтан шегара сымларының үстинен асылып, Өзбекстан Республикасы аймағына өтеди. Әне, жынаят  қаяқтан келип шығады дейсең?! Кисиге зорлық көрсетпей-ақ, кисиниң ҳақысын жемей-ақ өз атына жынаятшы деген кир келтирди.

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының ашық суд мәжилисинде судланыўшы Аман Сейтовтың жынаятлы иси көрип шығылды.

Судтың ҳүкимине бола, судланыўшы А.Сейтов Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодекси 223-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, оған усы статья менен Жынаят Кодекси 57-статьясы қолланылып, ең кем айлық ис ҳақының 25 (жигирма бес) есеси, яғный, 3.744.375 (үш миллион жети жүз қырық төрт мың үш жүз жетпис бес) сум жарийма жазасы тайынланды.

(Адам атлары өзгертип алынды)

Таярлаған:

Ҳүрлиман АСЕНОВА