Ma'daniyat АСПАЗЛАР ЖАРЫСТЫ

АСПАЗЛАР ЖАРЫСТЫ

0
АСПАЗЛАР ЖАРЫСТЫ

Тағамның мазалы болыўы ушын оған салынатуғын азықлықтан басқа аспазлық шеберлик те керек. Шеберлигиңди салып, бар мийримиң менен асылған тамақты рәҳәтленип жейсең.

Соңғы ўақытлары республикамызда аспазлар арасында «Алтын пышақ» жарысы өткерилиўи кең жолға қойылған еди. Ал жақында районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы бақшалардың аспазлары арасында «Жылдың ең жақсы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси аспазы» көрик таңлаўы өткерилди. Оған райондағы 14 бақшадан 9 бақшаның аспазлары қатнасты.

Қайсы бир ата-ана бақшада тәрбияланып атырған перзентиниң жақсы тәрбияшыдан тәлим-тәрбия алыўы менен бирге шебер аспаздың қолынан таярланған таза, денсаўлығы ушын пайдалы тағамларды жегенин қәлемейди дейсең?!

Таңлаўдың шәртлери бойынша аспазлар  төмендегише тағамлар таярлады:

Палыз өнимли, көк шөпли салат, сүтли какао, сүтли каша, гөш яки таўық гөшинен тағамлар, десерт, булочка яки ватрушка.

Таңлаўда аспазлар тәрепинен таярланған тағамлар төрешилердиң бақлаўы менен ҳәр тәреплеме сыннан өткерилди. Жуўмағында бөлимге қараслы 4-санлы балалар бақшасы аспазы Асылзат Бабажанова 1-орынды жеңип алып, республика көлеминде өткерилетуғын келеси басқышқа қатнасатуғын болды. Ал, 2-орынды 3-бақша аспазы Замира Қайыпназарова, 3-орынды 1-бақша аспазы Венера Досымбетовалар ийеледи. Басқа аспазлар да номинацияларға ийе болды. Қатнасыўшылар районлық билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы  Кеңеси тәрепинен саўғалар менен сыйлықланды.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА