ЖӘНЕ САЎFАЛАР КЕЛДИ
Елимизде өткен жылғы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»ның даўамы ретинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды күшейттириў, жәмийетте өз-ара аўызбиршилик, меҳир-ақыбет, кеңпейиллик ҳәм қайыр-сақаўат орталығын және де беккемлеў мақсетинде бир қатар ислер әмелге асырылмақта. Журтбасшымыз тәрепинен қайырлы ислер даўам етпекте.
Саўғаның үлкен кишиси болмайды. Деген менен Президентимиз тәрепинен берилип атырған саўғалар кем тәмийинленген шаңарақлардың күн көрисине белгили дәрежеде тәсирин тийгизип атырғанын мойынлаўымыз керек. Шаңарақлардың тутыныў буйымлары, үй дәскелери, ҳәттеки үй-жайлардың бағыўшысын жойтқан яки кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж шаңарақларға саўға етилип атырғанына тез-тезден гүўа болмақтамыз. Күни кеше ғана усындай Президент саўғаларының және бир топары районымызға жетип келди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2017-жыл 12-сентябрь күнги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3268-санлы қарарына муўапық, кәсиплик аўқамлары шөлкемлери, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм басқа да жәмәәтлик шөлкемлер тәрепинен орынларда кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайлары үйренип шығылып, қарарда белгиленген ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетиўге мүтәж шаңарақлардың дизими ислеп шығылды.
Дизимге алынған шаңарақларға 70 дана газ плитасы менен 33 дана газ баллонлар саўға етилди.
Саўғаларды тапсырыўға кәсиплик аўқамлары шөлкемлери, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмәәтлик қоры хызметкерлери қатнасты ҳәм ҳәр бир шаңарақ ийесине тийисли саўғалары берилди. Тәбийий газ жетип бармайтуғын алыс елатта жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақлар газ плита менен бирге газ баллонын, район орайында жасайтуғын тәбийий газ бенен тәмийинленген кем тәмийинленген шаңарақлар газ плитасын алыўға миясар болды.
-Президентимизден миннетдармыз,-дейди саўға ийеси Лала Дощанова өз қуўанышын биз бенен бөлисип. Елимиздеги бизлердей мүтәж ҳәр бир шаңарақты есапқа алып, ўақты менен ҳәр қыйлы саўғалар берип атырғаны ушын рахметтен басқа айтарымыз жоқ. Ҳәзир адамлардың жүзлеринде миннетдаршылық сезимлерин көрип турыппан.
Елимиздиң ҳәр бир мүйешине айлардың султаны болған рамазан айында саўғалар кирип барып атыр. Оның бир ушы бизге де келип жетти. Избе-из даўам етип атырған усындай қайырқомлық ислери еле де көп бола берсе екен. Себеби, инсанлардың қуўанышы, бир-биреўдиң кеўлин алыўдай мүбәрек ислер арқалы адамзат бири-бирин қоллап-қуўатлап отырады.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА
СҮЎРЕТТЕ: «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары өз саўғалары менен