РАМАЗАН АЙЫНДАFЫ САЎАПЛЫ ИСЛЕР
Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти И.А.Каримов: «Бул өмир, бул турмыс Әмиўдәрьяның суўындай тез пәт пенен өтип кетеди, лекин инсанның жақсы ислери, ийгиликли естелиги мәңги жасайды» деген еди. Расында да, адамзат дүньядан өтер екен, оннан тек ғана жақсы ат, ислеген жақсылықлары қалады. Әсиресе, ораза айында исленген қайырқомлы ислер, басқа айларға қарағанда еки есе саўап болып тийеди екен. Ораза айы меҳир-мүриўбет, саўаплы ислер, қайырқомлық ҳәм изги нийетлер әййямы болып табылады. Оның усындай пазыйлетлеринен пайдаланып қалыў ҳәр бир мусылманның уллы мақсети.
Районлық ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкем- лестирилген ис-илажлар тийкарында «Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек!» сүрени менен быйылғы рамазан айында районлық «Халық банк» хызметкерлери көп балалы шаңарақлар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алды. «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы II топар майыбы Перхан Тилеўованың ҳәм 2002-жылы туўылған майып қыз Насиба Жалғасбаеваның анасы Қарлығаш Қәдиралиеваның шаңарағына барып, оларға азық-аўқатлық затлар берилди ҳәм электр энергиясынан болған 352,000 сум қарызын төлеп, әмелий жәрдемлер көрсетти.
Ҳүрлиман АСЕНОВА