НЫЗАМСЫЗ ВАЛЮТА САЎДАСЫ
Айырым адамлар пул табыўдың түрли жолларын ойлап таўып, түрли ҳуқықбузарлықларды келтирип шығарады. Бирақ олардың бул ҳәрекетлери сораўсыз қалып атырған жоқ. Мәселен «қара базар» лардағы нызамсыз валюта саўдасы менен шуғылланып жүргенлер қолға алынып, жуўапкершиликке тартылмақта.
2018-жылы 6-апрель күни Өзбекстан Республикасы прокуратурасы жанындағы салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти өарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм районлық бөлим хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласы орайлық дийхан базарында рейд тексериў өткерилди. Тексериў нәтийжесинде пуқара Алтынгүл Шонқақованың Нөкис қаласы орайлық дийхан базарында нызамға қайшы рәўиште сырт ел валютасы алды-сатты саўдасы менен шуғылланып турғанлығы анықланды. А.Шонқақовадан 50 АҚШ доллары, 42 000 Қазақстан теңгеси ҳәм 81500 Өзбекстан сумлары айғақлы зат ретинде ҳүжжетлестирип алынды ҳәм ўақытша сақлаў ушын Миллий банктиң Шымбай филиалына тапсырылды.
Нөкис қалалық ҳәкимшилик ислери бойынша суды тәрепинен ҳуқықбузыўшы А.Шонқақова Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 170-статьясы менен жуўапкер деп табылып, ең кем ис ҳақының 3 есеси муғдарында, яғный, 516 720 сум жарийма жазасы тайынланды. Айғақлы зат ретинде алынған пулларды мәмлекет пайдасына өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Нызам ҳеш кимди де аяп отырмайды. Ол әпиўайы пуқарадан баслап лаўазымлы басшыларға шекем бирдей талап қояды. Сонлықтан ҳәр бир адам қыңыр истиң ақыбетинде жуўапкершилик, жаза туратуғынлығын түсинип жасаўы тийис.
Қуўандық АЛЛАМЖАРОВ
Департаменттиң районлық бөлими инспекторы