Ю.ПАХРАТДИНОВТЫҢ ТУЎЫЛFАНЫНА 80 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫ АЛДЫНАН «ҚАРАОЙ»ДАН ШЫҚҚАН ПРОФЕССОР
Ҳәр кимниң туўылған жери-Мысыр шәҳәри, деген сөз бар. Аўылда дүньяға келип, көпшилик қатары балалығы аўыл шаңында ойнап өссе де, илимге, билимге зейин қойған яки жазыўшылық пенен шайырлыққа ықласы бар инсанлардың жоқары билим ийелегеннен кейинги өмири қала менен байланыслы болатуғынын жақсы билемиз. Бул өмирдиң талабы.
1938-жылы 7-июньде «Қараой» аўылында дүньяға келген Юнистиң балалығынан билимге, әсиресе қарақалпақ әдебиятына деген ықласы өзгеше болды. 1945-1953-жыллары аўылындағы «Қызыл Өзбекстан» мектебинде, 1953-1956-жыллары мектеп-интернатта орта тәлим алған ол, аўылда бир жыл бас табельши, тракторшы болып ислейди. Даўысы дикторлыққа жүдә сәйкес келетуғын жигитти республикалық радио комитети узақ жыллар бойы комитеттен жибермей қойды. Нәтийжеде оқып, ислеп жүрип те 1957-1987-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы Радио еситтириў комитетиниң дикторы болды. Жумыс ислеў менен бирге 1958-1963-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх, тил ҳәм әдебияты факультетин оқып питкереди. Оның буннан кейинги өмири педагогикалық институт пенен университеттиң қарақалпақ әдебияты кафедраларында аға лаборант, методист, проректор ўазыйпасын атқарыўшы, аға оқытыўшы, кафедра баслығы, кафедра профессоры лаўазымларында даўам етти. Ю.Пахратдинов Бердақ атындағы миллий музейдиң биринши директоры болды.
Профессор Юнис Пахратдиновтың жергиликли ҳәм шет тиллерде шыққан 6 монография, 200 ден аслам илимий мийнетлери бар. Бир неше илим кандидатларына илимий басшы ҳәм докторлық диссертациялардың илимий мәсләҳәтшиси болды.
Юнис Пахратдинов 1983-жылы «Ҳәзирги заман қарақалпақ совет прозасында сатира» темасында кандидатлық диссертациясын жақлап шықты. 1991-жылы жарық көрген «Адам, жәмийет, сатира» деген 253 бетлик монографиясы қарақалпақ көркем аўызеки дөретпелериндеги юмор ҳәм сатираға бағышланған түпкиликли мийнети болды. Бул илимий талқы келешекте автордың филология илимлериниң докторы илимий дәрежесин алыўға қойған қәдем ҳәм оның тийкары еди. Нәтийжеде 1993-жылы «Қарақалпақ фольклорында юмор-сатира» деген темада докторлық диссертациясын қорғады. Ҳүкиметимиз Юнис Пахратдиновтың ислеген илимий дөретиўшилик мийнетлерин жоқары баҳалай отырып, 1979-жылы Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, 1995-жылы Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери ҳүрметли атақларын берди. Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Нөкис қалалық Кеңеси депутаты болып сайланды. 2005-жылы профессор илимий атағын алды.
Мине усындай, Қарақалпақстанның ҳәр бир мүйешинде шәкиртлери бар абыройлы устаз Юнис Пахратдиновтың туўылғанына 80 жыл толыў алды еске түсириў кешесин өзи билим алған «Қараой»аўылындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектеби шөлкемлестирди. Кешеге филология илимлериниң докторы, профессор Қурбанбай Жәримбетов, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Бахтияр Генжемуратов, филология илимлериниң кандидаты, доцент Қонақбай Турдыбаев, Юнис Пахратдиновтың өмирлик жолдасы Муслима Абдинаймова, уллары ҳәм қызы Гүлистан қатнасты. Устаздың көзин көрген ҳәм жоқары оқыў дәргайында илимниң тайғақлы аўыр жолларын бирге кешкен кәсиплеслери Ю.Пахратдиновтың илимге деген қызығыўшылығын, шәкиртлерине талапшаңлығын, рети келгенде жас әўладқа баўырманлығын, ҳәр бири ушын жол көрсетиўши жулдыздай әдиўли устаз болғанын еске түсирди. Әпиўайы аўыл баласының бийик шыңларға талпыныўын мақтаныш етти ҳәм тыңлаўшыларға әлбетте, сабақ болатуғыны атап өтилди.
Ҳақыйқатында да, Юнис муғаллимдей ҳәммеге үлги бола алатуғын устазлар саны жүдә көп емес. Оларды ҳүрмет етип, еске алыў, кейинги әўладқа таныстырып барыў-саўаптан басқа ҳеш нәрсе емес.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА