ОРЫНЛАРДАFЫ КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎЛАР
Елимизде алып барылып атырған реформалар, орынлардағы төрт сектордың халық пенен ўақытлы ушырасыўларының тийкарын-халықтың мәпи қурайды.
Райондағы төрт сектор басшылары менен олардың ағзалары халқымыздың турмыс дәрежесин және де жақсылаў, машқалаларын үйренип шығыў мақсетинде халық арасында болып, орынларда ушырасыўлар өткерип атыр.
Көшпели қабыллаў «Қараой» аўыл пуқаралар жыйынында өткерилип, оған сектор басшылары: район ҳәкими Ж.Адилов, район прокуроры Қ.Бекмуратов, районлық ишки ислер бөлими баслығы Ө.Турдыбаев, районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы Қ.Турсымуратов, район ҳәкиминиң орынбасарлары ҳәм район аймағындағы тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл, 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасына тийкарланып абаданластырыў ислери алып барылып атырған «Қараой» аўылында еле исленетуғын жумыслар көп екенин аўыл халқы жақсы биледи. Сонлықтанда олар қабыллаў пайытында машқала туўдырып атырған аўылында изей суўы көтерилип кеткенлиги (аўыл турғыны Усақ Абдижамилов) себепли аўыл ортасынан өтип турған коллекторды қайта қазыўды усыныс етсе, «Едилбек» аўылы турғыны Сәрсенбай Жалимов аўылында жасайтуғын 28 хожалық аўыз суўдан қыйналып атырғанын, «Мүйтен аўылы» турғынлары аўыл халқы ири шақлы ҳәм майда шақлы маллары ушын жайлаў ажыратып бериўди ҳәм тамарқа жерлердиң егинлери ушын минерал төгин сатыў дүканын ашыў зәрүрлигин айтты.
Буннан кейин районлық Халық қабыллаўханасына район аймағынан мүрәжат еткен ғң пуқараның мүрәжаты тыңланды. Мүрәжат еткен ғң пуқараның 6 мүрәжаты сол орында унамлы шешилди. қалған 18 пуқараға мүрәжаты бойынша Қараөзек районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик мәсләҳәтшиси менен болып өтетуғын көшпели қабыллаўға қатнасатуғыны түсиндирилди.
Сектор басшыларының көшпели қабыллаўы «Абат мәҳәлле»ниң және бири «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынындағы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти.
«Бессары аўылы»на газ баллонын тарқатыў орнын ашыў (аўыл турғыны Яқыпбай Еримбетов), «Турман аўылы»на баратуғын жолды оңлаў, электр энергиясы хызмети пәс екенлиги, сол себептен трансформаторды жөнлеў, сол аўылдан баслаўыш класс филиалын ашыў (аўыл турғыны Бахтыбай Күнхожаев), «Кепе аўылы» турғынлары ушын (Мирхан Қошимова) аўыл халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселеси, «Әдил аўыл»да жол мәселеси, электр энергиясы өшип қала беретуғыны, жай ремонты ушын кредит алыўға әмелий жәрдем бериўи (Яқыпбай Байниязов) ҳәм тағы басқа машқалалары менен аўыл халқы мүрәжат етти.
Мүрәжатлар бойынша сектор басшылары тәрепинен ти-йисли мәкеме, кәрханалар басшыларына атап өтилген машқалаларды белгиленген мүддет ишинде шешип бериўге тапсырмалар берилди.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Орынлардағы халық пенен ушырасыўлардан көринислер