УРЫЛАР ЖАЗАFА ТАРТЫЛДЫ
Қайсы бир қыңырлық истиң изсиз қалмайтуғыны ҳәммеге белгили. Жынаятшы изин жасырыўға тырысқаны менен қандай да бир айғақ оның жынаятын ашыўға көмек береди.
Урлық ислеп, оннан көрген пайдасын керекли мүтәжликлерине жумсап, мәз-мәйрам болған мына урылардың қуўанышлары узаққа созылған жоқ.
Жынаят ислери бойынша районлық суды тәрепинен аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи имаратында көшпели ҳәм ашық суд мәжилисинде урлық жынаятын ислеген еки пуқараның жынаятлы иси көрип шығылды.
Қ.Ембергенов ҳәм Ж.Сражатдиновлар алдын ала жынайый тил бириктирип, 2017-жыл 10-октябрь күни саат 00:30 лар шамасында «Маржанкөл» МПЖ аймағында жасаўшы пуқара Ж.Павеловтың қой қорасынан жәми 2.200.000 сумлық 8 бас қойларды жасырын рәўиште талан-тараж етип, урлаған қойларды сатып, пулларды өз мақсетлерине жумсап жиберген.
Судтың ҳүкимине бола Қ.Ембергенов ҳәм Ж.Сражатдиновлар Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «в» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегени ушын айыплы деп табылып, сол статья менен ис ҳақының 10 пайызы мәмлекет пайдасы есабына услап қалынған ҳалда 2 жыл минез қулқын дүзетиў ислери жазасы тайынланды.
Судланыўшылардың жасаў мәнзили болған «Маржанкөл» МПЖға жеке ажырым шығарылды. Бул арқалы алдағы ўақытлары бундай жынаятлардың алдын алыў, мәҳәлле халқы ҳәм профилактика инспекторы менен биргеликте усы жағдай бойынша тийисли түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылады.
Жасурбек УРАЗБАЕВ
Жынаят ислери бойынша районлық судының баслығы