ОҚЫЎ-СЕМИНАР БОЛЫП ӨТТИ
Диний экстремизм ҳәм терроризм-қандай формада әмелге асырылмасын, оның баслы мақсети адамларды физикалық жақтан жоқ етиўге, социаллық-сиясий жағдайды бузып, халықты қорқытыўға тийкарланған зорлық-зомбылық усылы болып табылады. Соның ушын да экстремизм ҳәм терроризм гуманистлик, демократиялық, әдалатлық идеяларын инсанияттың өмирине, ден саўлығына, аймақлық тынышлығына қәўипсизлигине қарсы қаратылған күш болып есапланады.
Ҳәзирги күнде өзлериниң ғәрезсиз раўажланыў жолына түскен мәмлекетлердиң демократиялық раўажланыўын көре алмайтуғын жаўыз күшлер мине усындай терроршылық жол менен өз мақсетлерине ерисиўге умтылып киятыр.
Сонлықтанда диний экстремизм ҳәм терроризм пүткил дүнья жүзи халқының прогрессив күшлери тәрепинен қараланып ҳәм оларға қарсы шаралар көрилмекте.
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте, Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги дизиминде, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша ис-илажлар дәстүри»ниң 5-бәнтине муўапық, жаслар арасында өткерилип атырған профилактикалық ҳәм үгит-нәсият илажларының нәтийжелилигин асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасы, Тергеў басқармасы ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының тәжирийбели хызметкерлеринен ибарат исши топар дүзилиўи ҳәм де олар тәрепинен Қарақалпақстан Жаслар аўқамы басланғыш шөлкемлери жетекшилери ушын терроризм ҳәм диний экстремизмге қарсы гүресиў жөнелисинде көшпели оқыў курсларын алып барыў белгиленген.
Усы дәстүр талапларынан келип шыққан ҳалда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасы аға оператив ўәкили капитан А.Нурлыбаев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы бөлимше баслығы капитан А.Сержановлар келип, районлық балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби мәжилислер залында Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, колледж, мектеплердиң басланғыш шөлкем жетекшилери ҳәм бир қатар оқыўшы жаслар қатнасыўында оқыў-семинары өткерилди. Оқыў семинарда Терроризм ҳәм диний экстремизм, наисламий конфессиялардың бүгинги күнде өзлериниң ғәрезли нийетлерин әмелге асырыў мақсетинде тарқатып атырған бузғыншы идеялары, әсиресе пуқараларымыздың бундай бузғыншы идеяларды тарқатыўда интернет тармақларынан көп пайдаланып атырғаны, тилекке қарсы кейинги ўақытларда жасларымыздың билип-билмей бундай жаман идеялардың тәсирине түсип қалып атырғаны ҳаққында түсиниклер берди. Оқыў-семинар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен таярланған, диний экстремизм ағымлары ҳәм терроршы шөлкемлер тәсирине түсип қалып, бүгинги күнде терроршылар арасында саўаш майданларында жүрген республикамызда жасаўшы жаслардың қыдырыўда екенлиги, сондай-ақ, усындай түрдеги жынаятларға қол урған ҳәм бүгинги күнде еркинен айырыў орынларында жазасын өтеп атырған жаслардың аўҳалы сүўретленген видеоролик қойып берилди.
Ҳүрлиман Асенова