ЕЛМУРАТ АFАНЫҢ БАFЫНДА...
Арамызда гейбир мийнет сүйгиш, сезимтал инсанлар ойлаған ойын әмелге асырыўы ушын сол сәтти асыға күтип жасайды. Бойында усындай қәбилетлери бар Елмурат аға бәҳәр кириўден жасап атырған үйи қапталындағы өзи ҳәм шаңарағы ушын қәдирдан болған егислик жерине жәмәәт жәм болып, бар меҳирин береди. Көз тиймесин, быйыл да мийўе тереклери ырғалысып, берген тәрбиясының заяға кетпегинин айтып турған сыяқлы. Алма, алмурт, жүзим, ерик, шабдал, қәрели нәллери әлле қашан кең жазыққа қулашын жайып, әтирапқа өзгеше гөззаллық бағышлап тур. Жерде бой көтерип атырған қыяр, картошка, пияз, гешир, помидорлар ертең писикте зүрәәтин берсе шаңарақ ағзаларының емин-еркин тойып жеўине, аўысқанын базарға сатып шай пул етиўге қосымша дәрамат болады.
Елмурат ағаның ақлықлары да таң азаннан атасының изине ерип, оның берген көрсетпелери менен егинлерди жабайы шөплерден ажыратыў сыяқлы ең әҳмийетли жумысларды ислейди.
- Өз қолың менен жаратқан исиңниң нәтийжесин көриў қандай бахыт?! Перзентлериңниң оннан рәҳәтленип жеп атырғанын тамашалаў оннан да үлкен қуўаныш-дейди Елмурат аға әтирапқа сүйсинип қарап.
«Атарал»дағы қумның жағалаўында жасаўшы бул елаттың адамлары егислик жерлериниң тәрбиясын берип, мийнетлериниң жемисин көрип отыр.
Ҳәммеге де ислеген мийнетиниң рәҳәтин көриў несип етсин!
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА
Сүўретте: Е.Бекбаўлиев ақлықлары менен