Ma'daniyat МИНСКДЕ ЖАҢЛАFАН СКРИПКА ДАЎЫСЫ

МИНСКДЕ ЖАҢЛАFАН СКРИПКА ДАЎЫСЫ

0
МИНСКДЕ ЖАҢЛАFАН  СКРИПКА ДАЎЫСЫ

Скрипканың даўысын еситкенимизде оннан қандай да бир сыйқырлықты сеземиз. Ол адамның дыққатын бирден өзине жаўлап алады. Сонлықтан да скрипкаға музыкалық әсбаплардың «патшасы»деп жоқары баҳа бериледи .Ол жоқары даўысқа ийе тарлы әсбап.

Скрипканың танымалы атқарыўшылары бар болып, олар өз ықласбентлерине ийе. Бизиң журтымызда да усындай сыйқырлы әсбапта саз шертип, ҳәттеки  халықаралық фестивальларға қатнасып атырған жерлеслеримиздиң  бар екенлиги мақтаныш пенен айтыўға ылайық.

Танысың: Руслан Абутов. Райондағы 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң тарлы әсбаплар «скрипка» жөнелиси оқытыўшысы. Ол 2-класынан баслап музыка мектебиниң скрипка бөлиминде оқыды. Мектепте устазы Дариха Жайылғановадан музыка сырларын үйренди. Мектепти питкергеннен соң Нөкис мәденият көркем өнер колледжиниң тарлы әсбаплар бөлимин оқып питкерди. Мектептеги ҳәм колледждеги алған билимлери жәмлесип, оны өз кәсибиниң устасы болыўға жеткерди. Белгили классик композиторлар  И.С.Бах ҳәм И.А.Брамс шығармаларын толық меңгерип шерте алады.

Әдетте көркем өнерге жақын инсанлардың перзентлери де сол жолды таңлаўы тәбийий ҳал. Русланның да бул тараўға қызығыўшылығы атасынан өткен болса керек. Русланның бул өнери оны үлкен сахналарға алып шықты. Жақында Русланның өмиринде қуўанышлы ўақыя жүз берди. Ол Белоруссияның Минск қаласында өткерилген «Кубок Европы» халықаралық фестивалында лауреат болып, II дәрежели диплом менен сыйлықланды. Бул лауреатқа ерисиўине себепши  оның Минск сахнасында атқарған  атақлы немец композиторы Иоганнес Брамстың «Венгерский танец» шығармасы болды.

Русланның алдында үлкен сынақ күтип тур. Ол Өзбекстан Мәмлекетлик Консерваториясында оқыўды нийет етип отыр. Скрипка шертиўдиң сырларын еле де терең өзлестирип, музыка мәдениятының раўажланыўына үлес қоспақшы. Бул жолда Русланға «нийетиң-жолдасың» болсын, дегимиз келеди.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА