Siyosat ҚУРАН ЖАРЫСЫ ЖЕҢИМПАЗЫ УМРА САПАРЫНА ТАЯРЛЫҚТА

ҚУРАН ЖАРЫСЫ ЖЕҢИМПАЗЫ УМРА САПАРЫНА ТАЯРЛЫҚТА

0
ҚУРАН ЖАРЫСЫ ЖЕҢИМПАЗЫ УМРА  САПАРЫНА ТАЯРЛЫҚТА

Балалығы Тахтакөпир районының Дәўқара елатында өткен  Нурмухаммедтиң алдына қойған мақсетлери өзиниң қатарындағы басқа балаларға уқсамады. Тийкары уламалар әўладынан болған жас өспирим аўылындағы 13-санлы мектепти питкерген соң, райондағы аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде билим алды. Қатарындағы досларының кими жоқары оқыў орнына тапсырса, кимиси аўылда жумыс ислеп, және бири шет еллерде таўылған жумысларды «шөпшеп» кетти. Тийкары арабша саўатлы уламалар әўладынан болған Нурмухаммед билим алыўды Нөкис қаласындағы Мухаммад ибн Аҳмад ал Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журтында жалғастырады. Билим журтын тамамлап, аўылдағы «Халық» жәмәәтлик мешитине иске келген жигиттиң марҳумларды жерлеў алды  оқыған дуўаларын тыңлаған халқымыз «көз тиймесин, жас жигиттиң қуран оқыўы өз алдына екен»  деп таңланғанын көпшилик жыйналған жерде жасыра алмағанын талай еситтик. Халықтың кеўлинен шыға алған жас жигиттиң қуран оқыўға деген шеберлиги жақында болып өткен Қуран жарысында өз нәтийжесин берди.

Президентимиздиң басламасы менен быйылғы жылы өткерилген «Қуран-2018» жарысының  18-26 жастағы жаслар арасында Қарақалпақстан республикалық басқышында  Нурмухаммед Аметниязов биринши, Өзбекстан Республикалық соңғы басқышында сыйлы үшинши орынларды жеңип алды. Умраға сапар етиў жолламасы менен қымбат баҳалы саўғалар ийеси болды.

Устазларым деп тән алған инсанлары Нөкистеги Мухаммад ибн Аҳмад ал Беруний атындағы ислам билим журтының мудири Шамсуддин Баҳауддинов, Султан Раджапов, Абдурахман Идрисовлардан тәлим алғанын мақтаныш етеди.

-Нурмухаммедтен күтетуғын үмитлеримиз көп,-дейди устазы, райондағы «Халық» жәмәәтлик мешити имамы  Бахберген Надиров биз бенен болған сәўбетте. Быйылғы жылы Ташкент ислам институтына оқыўға түсиўине тилеклес болып отырмыз. Нурмухаммедтей зейинли шәкиртлеримиз көбейиўи- бизиң де мақтанышымыз-дейди және ол.

Әкеси Қыдырбай Аметниязов баласындағы қызығыўшылықты сезип, өз қәлеген оқыўда билим алыўын қоллап-қуўатлап отырған. Бүгинде баласының жол таңлаўда адаспағанына қуўанышлы екенин айтады.

Нурмухаммедтиң ендиги әрманы Ташкент ислам институтына кирип, билим алыў ҳәм изинде өсип киятырған жас әўладқа өзи алған тәлимнен сабақ бериў.

Нурмухаммед жақын күнлерде жөнеўи күтилип атырған ҳаж сапарына таярланбақта.

Биз де өз гезегинде Нурмухаммедке  сәтли сапар тилеп қаламыз.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА

СҮЎРЕТТЕ:  Н.Аметниязов устазы  Б.Надиров пенен