Siyosat ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН СЕМИНАР

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН СЕМИНАР

0
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УШЫН СЕМИНАР

Шаңарағы тыныш, ден-саўлығы жақсы, ҳәр бир күнинен кеўли тоқ, басында жумысы бар ҳаял ҳәр қашан да өзин бахытлы сезетуғыны шынлық. Буның ушын оларға болған итибарды ҳеш қашан дыққаттан шетте қалдырыўға болмайды. Ең дәслеп олар арасында саламат турмысты қәлип-лестириў, тынышсыз шаңарақлардағы ҳаял ҳәм қызлардың машқалаларын үйренип, шешимин табыў, қызларымызды турмысқа таярлаў, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, майыплығы бар ҳаял-қызларды анықлап, оларға ғамхорлық көрсетиў, ерли-зайып ҳәм қәйинене-келин арасындағы мүнәсибетлерди дурыс жолға қойыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў керек.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев елимизде ҳәр бир ҳаял-қыздың өз турмысынан разы болып жасаўы ушын үлкен қайырлы иске қол урды. Ол усы жылдың 2-февралында қабыл етилген «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилис-тириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы болды. Ҳәр қандай қабыл етилген ҳүжжет әлбетте орынланыўы менен қунлы есапланады. Усы мақсетте райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республикалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зухра Ибрагимованың басшылығында семинар өткерилди. Семинарға районлық ҳаял-қызлар комитетиниң жыйынлардағы ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигелери, барлық мектеп директорлары, олардағы басланғыш ҳаял-қызлар шөлкемлери баслықлары қатнасты.

Семинар жумысын район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Айсанем Аллиярова басқарып барды.

Семинарда Пәрманның ҳәр бир бәнти бойынша орынларда алып барылып атырған жумыслар бойынша ашық-сәўбетлесиў өткерилди.

Өткерилген семинар районда ҳаял-қызлар менен ислесиўши шөлкемлер ушын өз жумысларын еле де жанландырыўға, жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыўға түртки болды.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА