Siyosat ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ОРАЙЫНДА

ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ОРАЙЫНДА

0
ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ  ОРАЙЫНДА

Бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен хәр бир хызмет түри бойынша регламент ислеп шығылып, тастыйықланды. Регламентте мәмлекетлик хызметлердиң тәртип қағыйдалары белгилеп берилген. Мәмлекетлик хызметлер регламент тийкарында әмелге асырылады.

Пуқараларымыз мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын ЭСИ (Электрон санлы имза)ны биринши нәўбетте  алыў кереклиги  көрсетилген. Бул пуқараларымыздың арзаларын интернет тармағында  өз қолы менен тастыйықлаў ушын керек болады. Ҳәр бир мүрәжатшы мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын ЭСИ алыўы шәрт екенлиги алдын ала пуқараларымызға ескертиледи. Бунда тийкарғы итибар. мәкемелер аралық қағаз көринисиндеги ҳүжжетлер алмасыўын азайтыў, барлық ҳүжжетлер электрон көринисинде  жиберилиўин тәмийинлеўге қаратылған.  ЭСИны  алыў ушын ең кем айлық ис ҳақының 10% и муғдарында бажы пул төленеди. ЭСИны мүрә-жатшы мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат еткен ўақытта, егер электрон санлы имзасы болмаса сол жердиң өзинде алып бериў тәмийинленген. Мүрәжат етиўшилер ЭСИны Мәмлекетлик хызметлер орайынан алып кетиў ушын USB флешка қурылмасын  алып келиўи керек. Электрон санлы имзалар 2 жыл мүддетке бериледи. Еки жыл мүддет ишинде бир электрон санлы имза менен барлық мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўы мүмкин. Ҳәр бир мүрә-жатшыдан электрон санлы имза алған ўақытта өзиниң жеке телефон номери соралады ҳәм сол номерге интернет тармағынан 1077 номеринен SMS арқалы электрон санлы имзаның  пароли бериледи, сол паролди ҳәм электрон санлы имзаны жойтып алмаўы тийис, егер жойтып алған жағдайда қайтадан ЭСИ алыўына туўра келеди.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары, жуўапкерли оганлар ҳәм мәкемелер ортасында информация алмасыўы тек ғана мәкемелер аралық электрон бирге ислесиў арқалы, электрон санлы имзаны қолланған ҳалда ғана әмелге асырылады.

Надира Өтемуратова

Районлық «Мәмлекетлик хызметлер» орайы телефон хызметин көрсетиў секторы байланыс операторы