ИМКАНИЯТЛАР ИСБИЛЕРМЕНЛЕР УШЫН
Мәмлекетимизде елимиздиң абаданлығы, дастурханымыздың молшылығы, халқымыздың түрли тараўдағы турмыслық мүтәжликлерин тәмийинлеп, халыққа сапалы өнимлери менен хызмет көрсетип атырған исбилерменлеримиздиң саны күннен-күнге артып бармақта. Өйткени, елимизде олар ушын барлық қолайлы имканиятлар жаратылып, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.
Районлық статистика бөлими тәрепинен дүзилген ис-реже бағдарламасында белгиленген ўазыйпалар бойынша орынларда мәмлекетлик статистика органларының ўазыйпалары, сондай-ақ, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў бойынша әмелдеги ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм усы бағдарда қабыл етилген мәмлекетлик статистика комитетиниң ҳуқықый ҳүжжетлери, исбилерменлик исине тосқынлық еткен, нызамсыз араласыў, жеке мүлкдарлар ҳуқықларын бузғаны ушын әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде белгилеп қойылған жуўапкершилик шаралары бойынша түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Районымызда мәмлекетлик статистика органлары тәрепинен исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманлары ҳәм ҳүкимет қарарларында белгиленген тапсырмалардың толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша районлық статистика бөлими тәрепинен анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бүгинги күде исбилерменлеримиз нызам шеңберинде өз жумысын алып барса, елимиздиң экономикалық раўажланыўында өзиниң белгили бир үлесин қосқан болады.
Қ. ЕМБЕРГЕНОВ
Районлық статистика бөлими баслығы