Siyosat ӨНЕРЛИНИҢ ҚОЛЫ АЛТЫН

ӨНЕРЛИНИҢ ҚОЛЫ АЛТЫН

0
ӨНЕРЛИНИҢ ҚОЛЫ АЛТЫН

Жаслайынан мийнетке зийрек, бойында қандай да бир өнери бар инсанның болашақта сол өнери менен өзи ҳәм басқалар ушын пайдасы тийери анық.

Жамал да таңлаған өз дөретиўшилик жолы менен басқаларды таңландырып келди. Ол мудамы қандай да бир жаңалық ойлап табыў, өз өнерин жанландырыў, жумыс көлемин кеңейтиў үстинде бас қатырды. Ақырында Жамал район орайындағы бос турған имаратлардың бирин нольлик баҳада алып, «Shuxrat-stayl» шаңарақлық кәрханасын ашып жумыс баслады. Бул жерде ағаш өнимлеринен арша, асхана ушын, кийим-кеншек ҳәм аяқ-кийимлерди қойыў ушын арналған мебельлер таярланады. Жамал усташылықтың жүйинен-шүйине шекем  жақсылап меңгерип, буйыртпашылардың кеўлинен шығыўға ерисип атыр.

Ҳәзир кәрханада Жамал өзи менен бирге өзиндей өнерге қызығыўшы бир қатар жигитлерди қасына жәмлеп, оларға кәсиптиң сырларын үйретип атыр.

-«Район прокуратурасының жәрдеми менен банктен 17 миллион сум муғдарында кредит алып атырман. Мен оған әйнек-қапы таярлайтуғын үскене сатып алып, жумыс көлемин еле де кеңейтиўди нийет етип отырман»-дейди кәрхана баслығы Жамал  Сапарбаев.

Қатарымызда Жамалдай өнермент жигитлер көбейе берсин деген тилек билдиремиз. Себеби, халқымызда «усталы ел дүзелер» деген гәп бар.

 

Муҳаббат АЛЛАМБЕРГЕНОВА

СҮЎРЕТТЕ: Ж.Сапарбаевтың шәкиртлери жумыс пайытында