Siyosat СЕССИЯ БОЛЫП ӨТТИ

СЕССИЯ БОЛЫП ӨТТИ

0
СЕССИЯ БОЛЫП ӨТТИ

Райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң отыз бесинши  сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Республика министрликлер ҳәм ведомстволар ўәкиллери, район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳуқық  қорғаў уйымы ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, райондағы мекеме,  пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы басшылары  менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия жумысын район ҳәкими Жамбул Адилов басқарып барды.

Сессияның күн тәртиби бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары, Министрлер Кабинети ҳәм министрликлер ўәкиллеринен ибарат исши топар тәрепинен районды социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўлар жағдайын үйрениў және   машқалаларды сапластырыўда әмелий көмеклесиў, пуқаралардың ҳуқықы ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў тийкарында өткерилген үйрениў нәтийжелери  қаралды.

Сессияның күн тәртибине қойылған  мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси депутаты Зафар Ханиязов кең түрде шығып сөйледи.

-Районда  исши топар тәрепинен шөлкемлестирилген секторлар жумыслары терең үйренип шығылды,-деди баянатшы өз сөзинде. Илаж даўамында  1-сектор басшысы район ҳәкими тәрепинен 318, 2-сектор баслығы район прокуроры тәрепинен 216, 3-сектор басшысы районлық ишки ислер бөлими баслығы тәрепинен 181 ҳәм районлық салық инспекциясы баслығы  басқарған 4-сектор тәрепинен 186 шаңарақларда болып, халықтың мүрәжаты үйренилген. Нәтийжеде, 958 мүрәжат есапқа алынған. Соннан 489 ы жумыссызлық бойынша (мүрәжаттан соң  149 пуқара жумыс пенен тәмийинленген), қалғанлары суў тәмийнаты, жол қурылысы, медициналық жәрдем  көрсетиў, тағы басқалар.

Районда 2017-жылдың январь-декабрь айлары даўамында жәми 3 млрд. 280 млн. сум кредит қәрежети ажыратылған. Ажыратылған кредитлер анализ етилгенде колледж питириўшилерине  75,3 млн. сумы берилген. Өткен жылы районда сыртқы  саўда айланысы  3,1 млн. долларды қурайды. Бул көрсеткиш алдыңғы 2016-жыл менен салыстырғанда 2,5 есеге өскенди көрсетеди. Соннан импорт 1 млн. доллар ҳәм экспорт 2,1 млн.долларда. 2018-жылдың январь айы ҳалатына 346 хожалық жүргизиўши субъектлер дизимге алынған.   Сондай-ақ баянатшы тәлим саласындағы кемшиликлерди де атап өтти. Пән оқытыўшыларының, көркем әдебиятлардың  жетиспеўи, айырым мектеплерде (14, 19, 21-санлы улыўма билим бериў мектеплери) спорт залларының жоқлығы, 10 улыўма билим бериў мектеби имаратлары жеңил оңлаўға, 5 мектеп реконструкцияға мүтәжлиги, районлық халық билимлендириў бөлиминде бөлмелердиң жетиспеўи, улыўма имараттың өзин қайтадан қурыў-бүгинги күндеги  билимлендириў тараўының маш-қалаларынан екенин, бундай кемшиликлер мектепке шекемги тәрбия бөлиминде де ушырасып атырғанын атап көрсетти. Үйрениў барысында коммунал тараўдың, медицина тараўының  машқалалары, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша районда исленип    атырған жумыслардың барысы  талқыланды. Үйренип шығыўдағы гөзленген тийкарғы мақсет-орынлардағы аўҳалды жақсылаў, дизимли   машқалаларды жоқ етип барыў, нызам ҳүжжетлериниң қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм зәрүр болғанда, оларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыўдан  ибарат. 

Буннан соң районлық медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Ықлас Палўанов, районлық қаржы бөлиминиң баслығы Зәрипбай  Тәжимуратов, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын муўапықластырыў бойынша районлық Кеңеси баслығының орынбасары Ернияз Бегмановлар шығып сөйледи.

Сессияның күн тәртибиндеги мәселе  бойынша тийисли тараў басшылары сөзге шықты. Атап айтқанда,  район аймағында социал-экономикалық тараўдағы жол қойылып атырған кемшиликлер,  ҳәр жылдағыдан саны тәрепинен азайса да, еле ушырасып атырған ҳәр қыйлы жынаятлар, медицина тараўындағы кемшиликлер, қурылыс, билимлендириў тараўларындағы еле де орынланыўы зәрүр болған мәселелер ашық-айдын айтылды.  

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери орынбасары Сарвар Отамуратов,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атажан Хамраевлар қатнасты ҳәм қаралған мәселелер бойынша шығып сөйледи.

Сессияда қарап шығылған мәселелер тийкарында  қарар қабыл етилди

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА