УРЛЫҚ ИСЛЕГЕНИ ЖЕТПЕГЕНДЕЙ...
Жәмийетимизде түрли адамлар бар. Биреў ишиўшиликке берилип, үйдиң берекетин қашырса, биреў қанына сиңип кеткен урлығы менен өмир кеширеди.Егер оннан сәл гүманлансаң қоңсы-қобаңа ескертип, оннан абайлы болыўды, үйиңе келсе көзиңнен таса қылмаўды мәсләҳәт етесең. Ал, гей биреўлер бар, ислеген урлығы жетпегендей, және сол үйге зыянын да тийгизип кетеди. Жақында мынадай бир ўақыяның гүўасы болдық.
Пуқара А.Жолдасбаев биреўдиң мал-мүлкин талан-тараж етиў мақсетинде «Атакөл» АПЖ да жасаўшы пуқара А.Асановтың үйине нызамсыз түрде кирип, оның шай ишетуғын ханасында телевизордың үстинде турған 1 дана қара реңли «HD OPENBOX ST-001» марқалы тюнерин жасырын рәўиште урлық жолы менен алып, бөлмениң ишинде турған 1 дана көрпеше менен 2 дана паласқа от жағып, ўақыя болған жерден кетип қалған.
А.Жолдасбаев өзиниң ис-ҳәрекетлери менен пуқара А.Асановқа 540 000 сум муғдарында материаллық зыян келтирип, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «г» бәнтинде көрсетилген жынаятты ислеген.
Жынаят иси бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери жуўмақланып, Өзбекстан Республикасы Жынаят Процессуаллық Кодексиниң 381-статьясы менен айыплаў жуўмақ тийкарында жынаят ислери бойынша районлық судына жиберилди.
(Адам атлары өзгертилди)
Рустем ИНЯТОВ
Районлық ишки ислер бөлими тергеў топары сорастырыўшысы, капитан