Ma'daniyat НАЎРЫЗ ШАДЛЫҚЛАРЫ

НАЎРЫЗ ШАДЛЫҚЛАРЫ

0
НАЎРЫЗ ШАДЛЫҚЛАРЫ

Елимизде уллы Наўрыз байрамы. Ҳүрметли Президентимиздиң быйылғы жылды «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў  жылы» деп жәриялаўы байрамға жаңаша мазмун ҳәм өзгешелик инам етпекте.

Наўрыз-тәбияттың ояныў ҳәм жаңаланыў пасылы болып, шығыс дүньясындағы ең әййемги,  ҳақыйқый миллий  байрам. Соның менен бирге Наўрыз өзине тән бийтәкирар бир әлем болып, инсанды тәбият пенен ҳәмийше бир пүтин болып жасаўға умтылдыратуғын, өз-ара меҳир-мириўбет, қәдир-қымбат, қайыр-сақаўат байрамы.

Мине, усындай тәрийплерге ийе болған Наўрыз байрамын пүткил елимиз қатарында  Тахтакөпир районының көп миллетли  халқы да ҳәр бир аўыл ҳәм көшелерде  бири-бирине кеўил сарайын кеңнен ашып, үлкен  аўызбиршилик пенен белгилеп атыр.

Район орайындағы спорт майданшасында өткерилген салтанатлы тамашалар ҳақыйқый байрам шадлықлaрына уласты. Олар наўрызлық гөже, сүмелек ҳәм көк  сомса сыяқлы наўрызға тән  тағамлар тартылған дәстурханлар әтирапында  байрам қуўанышларын бир пүтин шаңарақ болып бирге бөлиспекте. 

Ҳақыйқатында да бәҳәрдиң нәпеси есип турған бул ўақытлары дийханларымыз жаңа арзыў-нийетлер менен жерге тухым шашыўды ойласып, бири-бирине «Таслаған бир тухымыңыз мың болсын!», деп ең ағла тилеклерин билдирип атыр. Бул күни аўылларда барған сайын тийкарғы күшке айланып атырған дийхан ҳәм фермерлердиң, жүрегинде оты бар ҳәр бир жерлесимиздиң турмысында жаңа мийнет мапазы басланады. Усындай дийхан мийнети басланар бир мәҳәлде Өзбекистан Қаҳарманлары Ағытай Әдилов пенен Сәрсенбай Сейтназаровлардың избасарлары болған район фермерлери-дийханларымыз   бәҳәрги егиске таярлық жумысларын баслап жиберди. 

Fәрезсизлик жылларында елимиздиң барлық аймақларында басланған кең көлемли реформалар избе-из даўам еттирилип, республикамыздың барлық салаларында үлкен дөретиўшилик жумыслардың алып барылыўы нәтийжесинде аўыл-аймақларымыздың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў барысы түп-тийкарынан өзгермекте.

Соны да айтып өтиўимиз орынлы, соңғы ўақытлары елимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға да дыққат қаратылып, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.  Жыл сайын оны раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарлары жетилистирилип, исбилерменлерге имканиятлар ҳәм жеңилликлер кеңейтилмекте.  

Быйылғы жылы районда санаат  өнимлерин ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў Дәстүри тийкарында жойбар баҳасы 15 млрд 795 млн.сумлық, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўын раўажландырыў Дәстүрине муўапық  жойбар баҳасы 7 млрд 193 млн сумлық, азық-аўқат Дәстүри тийкарында шарўашылық, қусшылық, балықшылықты раўажландырыў бойынша  жойбар баҳасы 20 млрд. 193 млн.сумлық жәми баҳасы 43 млрд. 972 млн.сум болған 41 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.

Атап айтатуғын болсақ, 2018-жылдың инвестиция дәстүрине киритилген райондағы 14-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратына 895 млн. сумлық реконструкция жумыслары, 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемесине 2 млрд. 280 млн. сумлық капитал оңлаў жумыслары, Өзбекстан аўыллық шыпакерлик пункти имаратына 884 млн. сумлық реконструкция жумыслары ислениўи режелестирилген.

Сондай-ақ, быйылғы жылы район халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде район орайынан 2,4 километрлик ишимлик суў тармақларын қурыў ушын әҳғ млн. сумлық суў тармақларын жаңадан тартыў жумысларын алып барыў режелестирилген.

2018-жылы мәнзилли дәстүрге муўапық, улыўма сметалық баҳасы 1 млрд. 747 млн. сумлық 11,5 ярым километрлик ишки хожалық жолларды оңлаў жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылған.    

Байрам сейили палўанлар гүреси, арқан тартыс,  тас көтериў, қошқар дүгис-тириў ҳәм қораз урыстырыў сыяқлы тамашалар менен қызғын даўам етти. Палўанлар гүресинде бас байрақ Айбек Аманшаевқа несип етти.

Күнниң екинши ярымында «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйынының атшабар майданында ат шабыслар бәйгиси өткерилди.

Районда усындай  пайызлы демлерде адамлар мәҳәлле, көше, ел-журт пенен татыў болып, өз-ара кеўил сырларын ашып, наўқаслардың, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларының жағдайларынан хабар алып, теберик кекселеримиздиң ақ пәтиясын алыўға умтылмақта.

 Ҳақыйқатында да бул байрам халқымыздың беккем аўызбиршилигин, мийтиндей дослығын дәлийллеп, миллийлигимизди қәстерлеўге  бағдарлайтуғын қүдиретли күн сыпатында қәдирли.

 

  Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА