АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («ҚАРА-ОЙ»ДА АРБАFА МИНГЕН АЛТЫ ҚЫЗ)
Быйылғы наўрыз тамашаларын өткериўде «Қара-ой»лыларда «қуры алақан» қалған жоқ. Наўрыз байрам сейилине ҳәр бир көше турғынлары тәрепинен сүмелек, наўрыз гөжелер писирилип, миллий тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилди. Аўылдың кең спорт майданшасында өткерилген байрам сейили даўамында палўанлар гүреси, тас көтериў, қошқар дүгистириў, қоразлар урысы, арқан тартыс жарыслары өткерилди. Жеңимпазларға арнаўлы саўғалар берилди. «Алты қыз минди арбаға» композициясында қызларымыздың миллий кийимлердеги атқарған өнерлери байрамға өзгеше заўық бағышлады.
Байрамға Миллий сүўретшилик ҳәм дизаин институты проректоры, профессор Дильфуза Рахматуллаева, шайыр Тулқин Эшбеков, Өзбекистан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Бахтияр Генжемуратов, район ҳәкими Жамбул Адилов, район прокуроры №.Бекмуратов, ишки ислер бөлиминиң баслығы Ө.Турдыбаев ҳәм басқалар миллий руўзыгершилик буйымлардың, миллий тағамлардың көргизбесин көзден өткерди. Миллий үй руўзыгершилик буйымлары ташкентли мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА