АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ (АБАТЛЫҚ ШАҢАРАҚЛАРДАН БАСЛАНАДЫ)
2573
0
Той-мереке ҳәм қутлы сәнелер алдынан абаданластырыў ислерин әмелге асырыў халқымызға тән әдет.
Сол себепли Наўрыз әййямы алдынан көшелер, мәҳәллелерде абаданластырыў жумыслары алып барылады.
Ал жасы үлкенлер-жасларға ибрат мектеби. Мәҳәлле белсендилери ҳәм жасы үлкен инсанлардың басшылығында мийнетке жарамлы ҳәр бир пуқара улыўма халықлық шембиликке өзиниң үлесин қосты.
«Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйыны халқы да усындай бир-биреўи менен бир шаңарақтың перзентлериндей болып мийнетте мол табыслары менен байрамды ылайықлы күтип алды. Байрам ушын арнаўлы тағамлар көргизбеси, миллий саз-сәўбетлер жыйналған халықты және де қуўанышқа бөледи.