Siyosat НАЎРЫЗ-МЕҲИР-МИРИЎБЕТ БАЙРАМЫ

НАЎРЫЗ-МЕҲИР-МИРИЎБЕТ БАЙРАМЫ

0
НАЎРЫЗ-МЕҲИР-МИРИЎБЕТ БАЙРАМЫ

Наўрыз тек әлемниң, тәбияттың жаңа күни емес, бәлки инсанлардың кеўлин де жасартады. Наўрыз инсанлардың өмирге деген қызығыўшылығын оятады, тынышлықты қәдирлеўге үйретеди.

Наўрыз әзелден өмиримиздиң ең жақсы тәреплерин сүўретлеўши айна болып келген.

Әтирапымызда қаншадан-қанша бийтап, жасы үлкен қариялар, бағыўшысынан айрылған шаңарақ ийелери бар. Әне усы күни биз олардың ҳал-жағдайларынан саўға-сәлемлер менен хабар аламыз.

Наўрыз-туўысқанлық байрамы. Аймағымызда түрли миллет ўәкиллери жасаса да олар бири-бири менен жүдә татыў. Олардың миллети басқа болғаны менен мәҳәллеси бир. Той-мерекелерде бир болып, бир қазаннан ас ишеди.

Байрам мүнәсибети менен «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы мийнет нураныйы Татьяна Аллашованың ҳал-жағдайынан хабар алынды.

Буннан бираз кеўли көтерилип қалған Татьяна апа: «-Бул жерлерге келгениме де бираз жыллар болды. Сол жыллар аралығында қарақалпақлардың миллий үрп-әдет дәстүрлери, байрамлары   әлле қашан-ақ  қан-қанымызға сиңип кеткен. Қандай байрам болмасын, биринши орында кекселерди ҳүрметлеў, жәрдемге мүтәжлерге қуўаныш сыйлаў турады. Илайым, байрам бәршеге қутлы мүбәрек болсын! Инсанлар арасында меҳир-мириўбет туйғысы ҳеш қашан жоғалмасын!».

 

М.АЛЛАМБЕРГЕНОВА