Ma'daniyat ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УЛЫFЛАНFАН КҮН

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УЛЫFЛАНFАН КҮН

0
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР УЛЫFЛАНFАН КҮН

Ҳаял! Бул сөзди еситкенимизде биринши нәўбетте  көз алдымызға гөззал қыздың ийбеси, садықлығы, пәклиги, адамгершилиги, перзентине меҳрибан ана, өмирлик жолдасына опалы яр,  соңын ала жүзлерин әжин басқан, бирақ оның жүзинен турмыстың түрли қыйыншылықларына төзе билген ҳақыйқый ананың келбети көринеди. Жасаўдың мәниси усы-дә!

Ҳаялдың бойына усындай ағла пазыйлетлердиң бар болғанынан ҳәр дайым бахтыяр болыўымыз тийис.

Мың түрли муқамға дөнип, сән-салтанат пенен кирип келген бәҳәр өзине қоса гөззал байрамды алып келди. Бул байрам ҳаял-қызларға және де гөззаллық инам етти.

Районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында болып өткен «Гөззаллықтың үлгисисиз ҳаяллар» атлы байрам салтанатында район ҳәкиминиң орынбасары О.Генжемуратов, район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы А.Аллиярова ҳәм районлық қорғаныў ислери бөлими баслығы Д.Артиковлар гүллән ҳаял-қызларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы А.Аллиярова өз қутлықлаўында өткен жылдың өзинде бир қатар ҳаял-қызлардың мақтаныш етиўге ылайықлы жетискенликлерин атап өтти. Атап айтқанда, 1-санлы мектептиң муғаллими Б.Сейтназарованың халықаралық Пушкин атындағы таңлаўдың лауреаты болыўы, Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы мүнәсибети менен «Тахтакөпир таңы» газетасының редакторы Г.Дәўлетмуратованың «Шуҳрат» медалын алыўы, 3-санлы балалар бақшасының тәрбияшысы Г.Төремуратованың «Жыл тәрбияшысы» таңлаўының Өзбекистан көлеминде өткерилген басқышында 2-орынды ийелеўи, районлық медицина бирлеспесиниң ҳәмшийрасы Қ.Талқанбаеваның ҳәмшийралар жарысында Өзбекистан көлемине шекем жетип барып, сыйлы орынды ийелеўи ҳәм бир қатар спортшы қызлардың Өзбекистан көлеминде өткерилген жарысларда сыйлы орынларды ийелеўи районымыздағы ҳаял-қызлардың абырой-даңқын және де асырды.

Байрам даўамында бир қатар ҳаял-қызларға «Мәҳәлле» қоры ҳәм кәсиплик аўқамлары кеңеслери тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.

Буннан соң районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы хызметкерлери менен балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби оқыўшыларының йошлы концерти қойып берилди.

Байрам соңында ҳаял-қызлар арасында бир ай даўамында өткерилип    киятырған «Әжайып майдан» интеллектуаллық ойынының жуўмақлаўшы басқышы өткерилди. Бул ойын ҳаял-қызларымыз ушын нағыз миллийликтиң үлгиси болды.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА