ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ОРНЫ
Елимизде ҳаял-қызларға болған итибар, шаңараққа болған ғамхорлық күн санап күшейип бармақта. Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық белсендилигин асырыў, олардың түрли тараўларда өз қәбилетлери менен имканиятларын жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратыў, аналықты ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеўде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атыр. Деген менен, еле исленетуғын, халқымыз арасында алып баратуғын жумысларымыздың өзи талай ғана.
Өзбекистан ҳаял-қызлар комитетиниң жәмийеттеги белсендилигин асырыў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтларын беккемлеў саласындағы жумысларды жаңалаў мақсетинде комитеттиң тийкарғы ўазыйпалары белгиленди ҳәм Өзбекистан ҳаял-қызлар комитети ҳәм бөлимлериниң жаңадан структуралары тастыйықланды.
2018-жылдың 2-февралында қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы республикамызда жасаўшы ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаў, олардың турмыста тутқан орны, белсендилигин арттырыў, саламатлығын және де беккемлеўге, бәнтлигин тәмийинлеўге, ҳуқықый саўатын асырыў, ҳаял-қызларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў системасын енгизиўге, шаңарақ институтын беккемлеўге бағдарланған.
Пәрманда 2018-жылдың 1-апрелинен баслап барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары жанынан ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда әдеп-икрамлылық қәдириятларын беккемлеў бойынша қәниге лаўазымлары жумыс баслайды.
Пәрманның және бир көзде тутылған әҳмийетли ўазыйпаларының бири-бул шаңарақлық поликлиникалардың санын көбейтиў, аўыллық жерлердеги шыпакерлик пунктлеринде ҳаял-қызлар мәсләҳәтханаларын шөлкемлестириў, бул орайлар тиккелей жас өспирим қызларға ҳәм фертиль жасындағы ҳаял-қызларға мәсләҳәтлер бериўи менен әҳмийетли.
Ҳәр жылы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық 14 жастан 22 жасқа шекемги қызларға берилген болса, ендигиден былай 14 жастан 30 жасқа шекем болған ҳаял-қызларға берилиўи белгиленди. Бул өз-өзинен қызларымыздың көбирек излениўине, барлық оқып билим алып, жумыс ислеп атырған қызларымыз ушын үлкен имканият екенлиги сөзсиз.
Ҳақыйқатында да мәмлекетимиздиң раўажланыўында шаңарақта ҳәм жәмийетте ҳаял-қызлардың орны үлкен әҳмийетке ийе. Жәмийеттиң барлық тараўларында белсендилик көрсетип атырған ҳаял-қызларымыздың мийнетлери ардақланып, мәмлекетимиз тәрепинен усы пәрман тийкарында «Муътабор аёл» көкирек нышаны шөлкемлестирилетуғыны биз ҳаял-қызлар ушын үлкен итибар ҳәм жуўапкершилик, келешекке деген исеним оятады.
Бизиң районымызда медицина, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт, исбилерменлик ҳәм фермер хожалықларында ерлер менен бир сапта хызмет етип атырған белсенди ҳаял-қызларымыздың ерисип атырған табыслары әлбетте бизиң мақтанышымыз болып есапланады.
Ҳаял-қызлардың ҳуқықый ҳәм медициналық мәдениятын және де асырыў бойынша жәмәәтлик шөлкемлер, аўыл ҳәм мәкан жыйынлары белсендилери, медицина хызметкерлери менен биргеликте ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирип, бул жаңадан қабыл етилип атырған пәрманның мазмун мәнисин ҳаял-қызлар арасында тереңнен талқылап, үйренип барамыз.
Пурсаттан пайдаланып, районымыздың гүллән ҳаял-қызларын байрам менен шын жүректен қутлықлайман. Қызларымызға гөззаллық, ҳаялларымызға дүнья сапарында бирге болған өмирлик жолдасларыңыз бенен өмир тәшўишлерин биргеликте жеңип, шырайлы турмыс кешириўге ақыл ҳәм күш-ғайрат таба билиўиңизге тилеклеспен!
Айсанем АЛЛИЯРОВА
Район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, сенатор