ЖОЛ ҚАFЫЙДАСЫ-ӨМИР ПАЙДАСЫ
Жасыратуғыны жоқ, көпшилик жағдайда автомобиль басқарыўшылары мәс ҳалында ямаса жол ҳәрекети қағыйдаларына бойсынбағанлығының ақыбетинде көп ғана кеўилсиз жағдайларға, ҳәттеки инсанның бул өмирден көз жумыўына да себепши болмақта.
Буған мысал ретинде 2017-жыл 24-декабрь күни саат 19:10 лар шамасында райондағы Қараой АПЖ да жасаўшы пуқара П.Сейтов өз басқарыўындағы «COBALT» маркалы автомашинасын район аймағынан өтип турған 4Р176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» асфальт жолы менен өараой АПЖ аймағынан район тәрепке қарай басқарып киятырып, усы асфальт жолдың 108 километрине келгенде жолда өзиниң велосипеди менен кетип баратырған пуқара Қ.Атамуратовты автомашинасының алдыңғы тәрепи менен қағып алған. Нәтийжеде бул пуқара алған дене жарақаты ақыбетинде емлеўханаға түсип, өзине келместен қайтыс болған.
Автомобиль басқарыўшы ҳәрекетлениў ўақтында ҳәр бир нәрсеге абайлы болыўы керек. Әсиресе пиядаларға абайлы болыў, жол ҳәм ҳаўа райы шәраятын есапқа алыўы, шекленген тезликтен аспаўы тийис.
Солай етип, П.Сейтов өзиниң жоқарыдағы жынайый ис-ҳәрекетлери менен Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 2-бөлиминде нәзерде тутылған, яғный, «транспорт қуралын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қуралы ҳәрекети ямаса олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузып адам өлимине себеп болса» деп көрсетилген жынаятты ислеген.
Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери жуўмақланып, тийисли тәртипте шара көриў ушын жынаят ислери бойынша районлық судына жиберилди.
Жол қағыйдасын сақлаў-ҳәр бир инсан өмири ушын, соның менен бирге ҳәр бир автомобиль басқарыўшысының өмири ушын да пайдалы. Себеби, айырым ўақытлары жол апатлары жүз берген ўақытта буның кесири өзиңниң өмириңе де қәўип туўдырады. Солай екен, кеўилсиз ҳәрекетлерди өз қолымыз бенен ислеп, ақырында пушайман жеп отырмайық!
(Адам атлары өзгертилди)
Рустем ИНЯТОВ
Районлық ишки ислер бөлими тергеў топары сорастырыўшысы, капитан