Siyosat НЫЗАМСЫЗ ҲӘРЕКЕТИ УШЫН

НЫЗАМСЫЗ ҲӘРЕКЕТИ УШЫН

0
НЫЗАМСЫЗ ҲӘРЕКЕТИ УШЫН

Гейде адам жуўапкершиликли жумыста ислеп жүрип, басшы тәрепинен өзине белгиленген тапсырманы минсиз атқарып жүргенлигин көрсетиў мақсетинде кейнин ойламастан, нызам бузыўшылық жағдайларына жол қояды. Буның ақыбетинде әлбетте өзи жәбирин тартады.

Дилбар Қайыпова (адам аты өзгертилди) «Шимолгазтаъминот» унитар кәрханасы районлық газ филиалында қадағалаўшы болып ислеп жүрип, райондағы Ю.Гагарин көшеси номерсиз жайда есапта турыўшы М.Сақтағанованың тәбийий газден пайдаланғаны ушын 129.741 сум қарыздарлығы болғанлығы себепли оның үйине барады. Бирақ М.Сақтағанованың ол үйде жасамай, басқа жерде жасап атырғанлығы ҳәм оны излеп табыў шарасын көрместен, филиал баслықлары алдында газден қарыздарлықты өндириў бойынша тапсырманы толық орынлап жүрген етип көрсетиў мақсетинде дәлалатнама дүзген. Бул бойынша М.Сақтағанованың өзи танысып шықты деген жалған менен оның орнына қол таңбасын уқсатып қойған.

Нәтийжеде М.Сақтағанованың газ филиалына тәбийий газден пайдаланғаны ушын 129.741 сум ҳәм қарыздарлықты өз ўақтында төлемегени ушын 124.060 сум пеня және 2538 сум бажы пулын төлеў бойынша орынлаў хаты шығарылып, М.Сақтағанованың нызам менен қорғалатуғын мәплери бузылған.

Суд экспертизасының нәтийжелерине бола М.Сақтағанованың атынан қойылған қол таңбалар Д. Қайыпова тәрепинен уқсатып қойылғанлығы анықланды.

Судланыўшы Д.Қайыпова айыбын мойынлап, өз исинен пушайман екенлигин билдирди. Әттең, буны көпшилик ўақтында түсинип жетпейди. Ақырында пушайманлық билдиреди.

Жалған көрсетпе, қәлбекилик, жынаятты жасырыў, урлық, мәмлекеттиң мүлкин талан-тараж етиў,  нызамсыз саўда-булардың бәри ўақты сәти келгенде ашылмай қалмайды.

Солай екен, қандай жумыста ислесек те өз исимизге туўры көз бенен бағып, атымызға дақ түсирмейик!

 

Ринат ҚУДАЙБЕРГЕНОВ

Район прокурорының ис үйрениўши аға жәрдемшиси