КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ БОЛЫП ӨТТИ
Ҳәзирги дәўирдиң өзи талап етип турған исбилерменликти раўажландырыў дәўиринде истиң көзин билип, өзи ушын да, мәмлекет ушын да пайда келтирип атырғанлар көпшиликти қурайды. Деген менен оларға азмаз демеў көрсетип, алдындағы тосықларды алып таслап, туўры жолға түсип кетиўине жәрдем көрсетсек нур үстине нур болады.
Жақында районлық балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң мәжилислер залында болып өткен көшпели қабыллаў тийкарынан исбилерменлик пенен шуғылланып атырған пуқаралардың өз жумысларын еле де кеңейтиў ушын кредит алыўға жәрдем бериў, сондай-ақ, басқа да машқалаларының шешимин табыўға арналды.
Көшпели қабыллаўды Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Е.Қайыпбергенов басқарып барды. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Республикалық Салық басқармасы баслығы О.Сапарбаев, район ҳәкими Ж.Адилов, республикамыздағы банклердиң ҳәм ми-нистрликлердиң жуўаплы қәнигелери, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери қатнасты.
Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы баслығы О.Сапарбаев сөзге шығып, соңғы жыллардағы салық нызамшылығына киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында исбилерменлерге кең түрде түсиник берди. Буннан соң исбилерменлер өз мәселелери бойынша сораўларын берди.
Район турғыны Рустем Өтепов өз устаханасындағы әсбап-үскенелердиң тозыўы жетиўи себепли жаңасын сатып алыўы ушын кредитке мүтәжлиги ҳәм ол үскенелерди алыў ушын қайсы кәрхана менен шәртнама дүзиў кереклигин билмей атырғанын айтып мүрәжат етти. әлбетте бул сораўдың шешимин табыў ушын АТБ Агробанк ҳәм Саўда санаат палатасы жуўапкершиликти өз мойнына алды.
Сондай-ақ, райондағы «Жуўсан» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Айтбай Нуратдинов шаңарақлы клиниканы кеңейтип, қосымша емлеў орынларын ашыў ушын жеңиллетилген кредит ажыратып бериўин буннан бурын да сорағанын, лекин елеге шекем шешилмей атырғанын айтқанында, буған жуўап ретинде банк хызметкерлери кредит пуллардың жақын күнлерде питиў адында турғанын айтты.
Буннан басқа да көпшилик исбилерменлик субъектлери өз жумысларында шешимин күтип турған мәселелерин ортаға таслады ҳәм исенимли жуўапқа ийе болды.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА