КЕҢ ИМКАНИЯТЛАР, ЖЕҢИЛЛИКЛЕР ҲӘМ ӨЗГЕРИСЛЕР
Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў Департаментиниң районлық бөлими тәрепинен департамент органларына жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге өткен жыл даўамында әҳмийетли итибар қаратылды.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 5-октябрьдеги «Исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-4848-санлы Пәрманы тийкарында исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықын қорғаў, олардың жумысына нызамсыз араласыў, тосқынлық етиўдиң алдын алыў бойынша бир қатар илажлар исленди.
Исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған пуқараларға, сондай-ақ, өз хызметин кеңейттирмекши болған исбилерменлерге 9 ҳалатта әмелий жәрдемлер көрсетилип, жаңадан 10 жумыс орынларының жаратылыўы тәмийинленди.
әсиресе, районның алыс аўыллық жерлеринде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳәм жумысын кеңейттириў ушын кредит алыў ушын мүрәжат еткен исбилерменлерге әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.
Президентимиз исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўында прокуратура органларының роли ҳаққында сөз етер екен, мыналарды айрықша атап өтти. «Исбилермен бай болса, мәмлекет бай болады. Оның ушын исбилерменлерге кең шәраят жаратып бериўимиз керек».
Мәмлекетимиз басшысының халық хызметиндеги мәмлекетлик уйымлар, солар қатарында прокуратура органлары хызметкерлери де, ең әўеле дүньяқарасларын өзгертиўи керек деген сын пикириниң негизинде «инсан мәплери ҳәм ҳуқықлары ҳәмме нәрседен үстин» деген идея жатырғанлығын, буны терең аңлап жетиў лазым болған ҳақыйқат екенлигин ҳәр бир хызметкер түсинип жетиўи лазым.
Елимизде экспорт-импорт операцияларын тәртипке салыў ҳәм әпиўайыластырыў, талап жоқары болған азық-аўқат товарларын импорт етиўде тосқынлықлар менен шеклеўлерди сапластырыў мақсетинде Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен усы жыл 16-январьда қабыл етилген «Елимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин буннан былай да тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы буның айқын дәлийли бола алады.
Пәрманға муўапық, 2018-жыл 1-февральдан баслап Өзбекистан Республикасына азық-аўқат товарларын импорт етиў бойынша айырым хожалық жүргизиўши субъектлерге берилген индивидуал бажыхана, салық ҳәм басқа да проференциялар бийкар етиледи.
Пәрманда 2018-жыл 1-февральдан баслап тутыныў товарларын республикалық товар-шийки зат биржаларында сатыў (сатып алыў)ды шеклеў бийкар етилетуғыны айтылған.
Сондай-ақ, қумшекер ислеп шығарыўшылар 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетке импорт шийки заты тийкарында ислеп шығарылған көлемлердиң бөлегине қосымша қун салығын төлеўден азат етиледи.
Көтере саўдаға лицензия алыўда ең кем мийнет ҳақының 3500 есесинен аз болмаған муғдарда, соннан ақшалай қаржылар ең кем ис ҳақының 1200 есесинен кем болмаған муғдарда қәлиплестирилген устав фонды бар екени ҳаққындағы талап бийкар етилетуғынлығы айтылған.
Әлбетте ҳәр қандай қабыл етилген ҳүжжет орынланыўы менен қунлы есапланады. Президентимиз тәрепинен қабыл етилген бул Пәрман исбилерменлер ушын қолайлықлар жаратыў менен биргеликте базарларды сапалы, қәўипсиз ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен толтырылыўына имканият жаратады.
Қәдирнияз ЕРНИЯЗОВ
Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы районлық бөлими баслығы