ПУҚАРАЛАР ЕМЕС – ҲҮЖЖЕТЛЕР ҲӘРЕКЕТЛЕНЕДИ
Бул тараўды тәртипке салыў басқышпа-басқыш әмелге асырылып келинди.
Тийкарынан, 2003-жылдан берли исбилерменлик субъектлерин “бир айна” принципи бойынша дизимнен өткериў район (қала)лар ҳәкимликлери жанындағы исбилерменлик субъектлерин дизимнен өткериў инспекциялары, 2016-жыл 1-январдан баслап Инспекциялар негизинде Исбилерменлик субъектлерине “бир айна” принципи тийкарында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў “бир айна” орайлары тәрепинен әмелге асырылып келинген. 2017-жыл 1-февралдан “бир айна” орайларының район (қала)лар ҳәкимликлери қурамынан Өзбекистан Республикаси әдиллик министрлиги қурамына өткерилди.
Бүгинги жедел реформалар дәўиринде тараў искерлиги халықтың талап ҳәм қәлеўлерине сәйкес емеслиги айқын көринди. Яғный избе-из нәўбетлер, әўерегершиликлер, бюрократия, коррупция, бир мәселеде бир неше мекемелерге мүрәжат етиў зәрүрлиги сыяқлы кемшиликлерди түптен жоқ етиў, ҳәмде мәмлекет пенен халық арасындағы сәўбетлесиўди жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Президентимиздиң 2017-жыл 12-декабрьде “Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түптен реформалаў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-5278 санлы Пәрманы ҳәм сол күни «Өзбекистан Республикасы әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги искерлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3430 санлы Президент қарары қабыл етилди. Пәрман менен Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлери агентлиги шөлкемлестирилди. Бул шөлкем халқымыз исенимин ақлаған ҳәмде искерлиги өзиниң нәтийжесин көрсеткен Халық қабыллаўханалары негизинде шөлкемлестирилди. Ҳәммемизге белгили, инсан өмириниң ҳәр бир қәдеминде, жәмийет тәғдириниң ол яки бул тараўы менен байланыслы ҳәрекетинде мәмлекет органлары менен дус келиўи анық. Бунда халық аўырлығын жеңиллетиў, оларға “мәмлекет-пуқара” мүнәсибетлеринде қолайлықлар жаратыў ҳәм анықлылықты тәмийинлеў мақсетинде мәмлекет басшысы тәрепинен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң жаңа концепциясы алға сүрилди. Бунда, тийкарғы итибар нәўбетте турыўды кескин азайтыў, әўерегершиликтиң алдын алыў, халықты мәмлекетлик органлардан разы болыўына қаратылды. Күнделик турмысында ҳәр биримиз дус келетуғын некени дизимнен өткериў, перзенттиң дүньяға келиўи, балаларды мектепке шекемги тәлим мекемелерине жайластырыў машқаласы, олар менен байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, тийисли төлемлерди әмелге асырыў ендиги ўақытларда Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылады. Бул тек-ғана қәрежетлерди емес, бәлки инсан ушын қымбатлы болған ўақытты тежеўге имканият жаратады.
Көз алдыңызға келтирип көриң! Сиз тәбийий газден пайдаланғанлығыңыз ушын төлемди әмелге асырмақшысыз, пуқаралық миннетиңизди орынламақшысыз, алдын аймақлық газ тармақлары мекемелерине барыўыңыз, ол жерде саатлап нәўбетте турып сизде бар болған қарыздарлықты анықлаўыңыз, қарыздарлық суммасын анықлағаннан, соң хызмет көрсетиўши банкке барып буның ушын төлемди әмелге асырасыз. Әмелге асырылған төлемди дизимнен өткериў ушын және мекемеге қайтып барыўыңыз лазым.
Бул Сиз ушын ўақыт, жол ушын кеткен қәрежетлер болып есапланады. Бул ўақытты Сиз шаңарағыңызға, Сизге пайда келтиретуғын жумысларға сарыплаўыңыз мүмкин. Мәмлекетлик хызметлери орайлары Мәмлекет-айрықша барлық хызметлер бир орай арқалы көрсетилетуғын уникал, өзине тән орай болыўы күтилмекте. Сиз орай тәрепинен қәдем қойсаңыз сол жеткиликли. Барлық тийкарғы мәмлекетлик хызметлерди тез, қолайлы, айқын ҳәм сыпатлы принциплер тийкарында көрсетеди. Ҳәзирги күнде мамлекетлик хызметлер орайларында халыққа инновациялық технологиялар ҳәм заман талапларына сәйкес тәризде 35 түрдеги мәмлекетлик хызметлери көрсетилип келинбекте.
Усындай унамлы ақыбетлерин жәнеде кеңейттириў мақсетинде қарарда талап ең жоқары болған қосымша 17 түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамаларды 2018-2020-жыллар аралығында «бир айна» орайлары арқалы ҳүжжетлестириў механизмин басқышпа- басқыш шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлери көрсетиўдиң миллий системасын түптен енгизиў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-5278-санлы Пәрманы менен 2017-2020-жылларда басқышпа-басқыш енгизилетуғын, «бир айна» принципи тийкарында тек ғана “Мәмлекетлик хызметлери орайлары” арқалы халыққа көрсетилетуғын жәми 18 түрдеги мәмлекетлик хызметлери дизими тастыйықланды.
Олар 2017-жылдың 1-апрель сәнесинен баслап:
1. Инженерлик-коммуникация тармақларына “таяр ҳалда» жалғаныў.
2. Имарат ҳәм қурылмалардың сыртқы көринисин өзгертиўди (фасадын оңлаўды) келисиў.
3. Объектти қайта қәнийгелестириў ҳәм реконструкция етиўгерухсат бериў.
4. Архитектура-режелестириў тапсырмасын ислеп шығыў.
5. Жойбар ҳүжжетлерин келисиў.
6. өурылыс-монтаж жумысларын әмелге асырыўға рухсат бериў.
7. Жеке тәртипте турақ-жай қурыўға (реконструкция етиўге) рухсат бериў.
8. Қурылысы тамамланған (реконструкция етилген) объектти пайдаланыўға қабыл етиў.
9. Тоғай фондына кирмейтуғын терек ҳәм шақаларды кесиўге рухсат бериў.
10. Суўдан арнаўлы пайдаланыў яки суўды арнаўлы тутыныў ушын рухсат бериў.
11. Өсимлик дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыўға рухсат бериў.
12. Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша арза бериў.
13 Пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия систмасында есапқа қойыў.
2017-жылдың 1-сентябрь сәнесинен баслап:
14. Туўылғанлықты дизимге алыў.
15. әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелеринен шығатуғын рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойыў.
16. ПҲАЖ ҳәм нотариат уйымлары тәрепинен архив ҳүжжетлерин бериў.
17. Судланғанлық ҳаққында мағлыўматнама бериў.
18. Физикалық шахс-салық төлеўшиниң салық ҳәм басқа қарызы жоқлығы (барлығы) ҳаққында мағлыўмат бериў.
19. Физикалық шахсларға (СТИР, ИНН) бериў.
2019-жылдың 1-январь сәнесинен баслап:
20. Турған орны бойынша есап етиў (прописка) , есаптан шығарыў, есапқа алыў.
21. Ўақтынша жасаў (прописка) ушын рухсатнамаларды бериў ҳәм мүддетин создырыў.
22. Әскерий есапқа алыў.
23. Электр энергиясы, тәбийий газ, суўды есапқа алыў (есаплағыш) үскенесин орнатыўға арза бериў.
24. Электр энергиясы, тәбийий газ, суўды есапқа алыў үскенеси (есаплағышы)н шешип алыўға арза бериў.
25. Электр энергиясы, тәбийий газ, суўды есапқа алыў үскенесин (есаплағыш) тексериўге арза бериў.
26 Тренерлик жумысы менен шуғылланыўға рухсат бериў.
2019-жылдың 1-июль сәнесинен баслап:
27. Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлер тапсырыў.
28. Сырт ел мәмлекетлеринде берилген билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификация етиў (эквивалентликти белгилеў).
29. Өзгелердиң күтимине мүтәж болған кекселер ҳәм имканияты шекленген шахсларға санаторияларда жеңилликли емлениў ҳәм жолламаларды хужжетлестириў.
30.Мийнет уйымларында пуқараларды жумыссыз сыпатында дизимге алыў.
31. Жумыссызлық напақасын тайынлаў.
32. Сырт елде мийнет искерлигин әмелге асырыўға рухсатнама.
2020-жылдың 1-январь сәнесинен баслап:
33. Оқығанлықты тастыйықлаў ҳаққында архив мағлыўматнамасын бериў.
34. Жумыс стажын тастыйықлаў ҳаққында архив мағлыўматнамасын бериў.
35. Ис ҳақысын тастыйықлаў ҳаққында архив мағлыўматнамасын бериў.
36. Билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетлердиң дубликатларын бериў.
2020-жылдың 1-июль сәнесинен баслап:
37. Ойлап табыўға патентлер алыў.
38. Пайдалы моделге патентлер алыў.
39. Санаат үлгисине патентлер алыў.
40. Селекция жетискенлигине патентлер алыў.
41. Товардың келип шыққан орны атынан пайдаланыў ҳуқықы ҳаққында гүўалық алыў.
42. Товар белгисине тийисли гуўалық алыў.
43. Интеграл микросхемалар топологиясы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық алыў.
44. ЭЕМ (ЭХМ, ЭВМ) ушын жаратылған дәстүрлер ҳәм мағлыўматлар базаларын дизимнен өткериў ҳуқықын алыў ҳәм оларды дизимнен өткериў.
2020-жылдың 1-ноябрь сәнесинен баслап:
45. Қайтыс болғанлықты дизимге алыў
46. Пуқаралық ҳалаты акты жазыўына өзгертиў, дүзетиў ҳәм қосымшалар киргизиў
47. Тәкирарый гүўалықлар бериў
48. Неке дүзиўди дизимге алыў.
49. Некеден ажырасыўды дизимге алыў
50. Фамилия, аты ҳәм әкесиниң атын өзгертиў.
51. Пуқаралық ҳалаты акты жазыўларын тиклеў.
52. Аталықты белгилеў.
53. Перзентликке алыў.
54. Пенсия тайынлаў (жасқа тийисли, майыплылығы, бағыўшысын жоғалтқанлық бойынша)
55. Жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизиминен өткериў ҳәм тийисли гүўалық бериў.
56. Имаратлар, қурылмалар ҳәм көп жыллық тереклерге болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизиминен өткериў ҳәм тийисли гүўалық бериў.
57. Көшпес мүлкке ҳәм жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизиминен өткериў ҳаққындағы кадастр исин таярлаў.
58. Автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизиминен өткериў.
П.РЕЙМҚУЛОВ
Районлық мәмлекетлик хызметлер орайы директоры